Таңланған мақалалар
«МИССИОНЕРЛИК – ҲИЙЛЕКЕРЛИК» ҲӘМ ОНЫҢ УНАМСЫЗ АҚЫБЕТЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
17.04
БЕРЕКЕТКЕ ТОЛЫ АЙ
04.03
ЫСЫРАП ҲӘМ ТАБЗИР
04.03
ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
20.09
Jaslar arasında náshebentlik hám psixotrop zatlarǵa qarsı gúresiw máselesine arnalǵan ushırasıw bolıp ótti
19.09
НЕ УШЫН ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫ ЖАҚСЫ КӨРИЎИМИЗ КЕРЕК?
16.09
Архив
Сораўнама
Имам Малик
Имам Малик
Маликий мәзҳабының тийкаршысы Малик ибн Анас ибн Малик ибн Әбиў Амир ибн Амр ибн Әл-Ҳорис Әбиў Абдуллаҳ әл-Асбаҳий әл-Маданий ҳижрий 93 (айырым дереклерде 99)-жылы Мадинаи Минаўўарада туўылған. Табаъ-табеъинлерден, заманының көрнекли имамы, фақиҳи, ҳәдис алымы, маликий мәзҳабының тийкаршысы есапланады. Бул адам ҳаққында Имам Насаий: «Мен ушын ҳәдис илиминде Маликке қарағанда билимдан, ҳүрметли, исенимли, әззи ҳәдислерден аз рәўият қылған адам жоқ», деген болса, Имам Шофеъий: «Малик табейинлерден кейин Аллаҳ тааланың ҳүжжети есапланады», – деген. Мусылманларға Ислам тәлиматларын түсиндириўши китап жазып, оны «Әл-Муўаттоъ» (жеңиллестирилген) деп атады. Бул китап қырық жыл даўамында топланған ҳәдислерди өз ишине алған, оларды мыңға жақын адам рәўият қылған. Уламалар былай дейди: «Ол ҳәдис ҳәм фиқҳ китабы болып, оған тең келетуғын китапты билмеймиз», «Жер жүзинде оннан туўрырақ китап жоқ». Маликий мәзҳабы Ислам әлеминде, тийкарынан, Африканың арқа-батысында кең таралған. Имам Аўзаий, Имам Шофеъий, Муҳаммад ибн Ҳасан бул адамнан тәлим алған. Ҳижрий 179-жылы Мадинада әлемнен өткен (Раҳматуллаҳи алайҳ).
Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар