Елшилер жылы. Нажрон елшилери.


Елшилер жылы





(Даўамы…)

Нажрон елшилери. Христиан Нажронлардың алпыс адамнан ибарат елшилери Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына барды. Елшилердиң басшысы, өзлериниң епископы Әбиў Ҳариса еди. Олар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сүўрет салынған гилем менен жүннен тоқылған кийимлер саўға қылды. Пайғабарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сүўрет салынған гилемди ийесине қайтарып, тек жүннен тоқылған кийимлерди алды. Христианлар шоқынатуғын ўақты болғанда Байтулмақдиске қарап ибадат қылды. Пайғабарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оларды Исламға шақырды. Бирақ, олар:
«Биз сизлерден бурын ҳақ жолды таўғанбыз», – деп мусылман болыўдан бас тартты.

 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бириншиден, сизердиң атанаққа шоқыныўыңыз, екиншиден, шошқа гөшин жеўиңиз, үшиншиден, Аллаҳтың баласы бар деп исенгениңиз мусылман екениңизге кесент береди», – деди. Елшилер:
«Ийсаға уқсап атасыз жаратылғанлар бар ма?», – деп сорады.
Буған жуўап есабында Аллаҳ таала «Әли Имрон» сүресиниң 59-аятын түсирди:

«Әлбетте, Ийсаның (әкесиз туўылыў) мысалы Аллаҳтың нәзеринде тап Адамның (а.с.) мысалына уқсайды. Оны топырақтан жаратып, соң оған «Бол!» деди, кейин, (ол) болды».

Сөйтип Нажрон христианлары менен дин ҳаққында, Мәрьям ҳәм Ийса ҳаққында және басқа да мәселелер ҳаққында тартыса баслады.

Олар менен тартысыў бир тоқтамға келип, Исламның ҳақлығы ашық-айдын болып қалғанда да, елшилер қайсарлық етип, «Өзимиздики дурыс», деп турып алды. Сол ўақытта Аллаҳ таала Пайғамбар алайҳиссаламға оларды бир келисимге шақырып, яғный балалар ҳәм ҳаялларын бир жерге жыйнап, өзи де қосылып, еки тәрептен «Сол мәселеде ким жалған айтып атырған болса, соған Аллаҳтың нәлети болсын», – деп дуўа қылыўға шақырыўды буйырды.

Пайғамбар алайҳиссалам Нажрон христианларына жоқарыдағы Аллаҳ тааланың буйрығына муўапық ис қылыўға шақырғанда, олар көнбеди. Бирақ, мәртебе, абырой ҳәм мал-дүньяларын жоғалтып қойыўдан қорқып, Исламды да қабыл етпеди. Олар ҳәр жылы Сафар айында мың адамлық кийим, Ражаб айында мың адамлық кийим менен бирге бир «уқийя» алтын (бир килограммнан артық алтын өлшеми) муғдарында хираж төлеўге разы болды. Олар хиражды алып кетиў ушын исенимли адам жибериўин соранды. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам олардың журтына Әбиў Убайда ал-Жарроҳ разыяллаҳу анҳуды жиберди. Сол күннен баслап Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тәрепинен Әбиў Убайда Ислам үмметиниң ең исенимли адамы, деп аталды.

(Даўамы бар…)

«Муҳаммад алайҳиссалам. Қысқаша өмир тарийхы» китабынан

Добавить комментарий