30 ноя 18:56Бөлимлер / Ақыйда

Қәбир азабы ҳәм рәҳәти


Қәбир азабы ҳәм рәҳәти


Қәбир азабы ҳәм рәҳәтиниң ҳақлығына исениў әҳли суннат ўал-жәмәә ақыйдасының әҳмийетли бөлими есапланады.
Бәрше кәпирлер ҳәм гүналарынан тәўбе қылмаған мөминлер қәбирлерде азапланады. 
Өмирин Аллаҳтың ибадатында өткизген мөминлер қәбирде рәҳәтте болады. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам былай мәрҳамат қылған: «Қәбир жәннет бағларынан бир бағ яки дозақ шуқырларынан бир шуқырлық болып есапланады»
Таҳоўий ақыйдасының түсиндирмесинде былай жазылған: «Қәбир азабы барзах азабы. Азапланыўға ҳақылы болған ҳәр бир мәййит азаптан өзине жараса несийбесин алады. Ол жерленген яки жерленбеген болса да, жыртқышлар жеп кеткен болса да, отқа жанып, жоқ болып кеткен болса да, дарға асылған болса да яки суўға шөккен болса да парқы жоқ, бәри бир оның руўхына ҳәм денесине азаб жете береди. Бул ҳаққындағы хабарлар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мутаўатир жолы менен беккемленген».
Добавить комментарий