14 фев 21:23Бөлимлер / Ақыйда

Жинлер


Жинлер



Жинлер инсан көзине көринбейтуғын нәрсе болып, ол ҳақыйқатында да бар зат. Аллаҳ таала ҳәм оның пайғамбары хабар берген, бирақ бизге көринбейтуғын нәрселер ғайып саналып, оларға ийман келтириў ислам ақыйдасының тийкары есапланады ҳәм ҳәр бир мусылман оған ийман келтириўи лазым. 


Жинлердиң бар екенлигине Қураны кәриймде дәлиллер көп: «(Ҳәй Муҳаммад!) Есле, алдыңа бир топар жинлерди Қуран тыңласын, деп жиберген едик» (Аҳқоф сүреси, 29-аят); «Ҳәй жинлер ҳәм инсанлар жәмәәти! Егер сизлер (Аллаҳтың жазасынан қашып) аспанлар ҳәм Жердиң шегараларынан шығып кетиўге қәдир болсаңыз, шыға бериң!» (Ар-Роҳман сүреси, 33-аят); «Әлбетте, инсанлардан болған (айырым) адамлар жинлерден болған кимселерден пана сорар еди, ал олар (жинлер) олардың (инсанлардың) ҳәдден асыўын зыяда қылар еди» (Жин сүреси, 6-аят).


Жинлердиң бар екенлиги ҳәм олардың тәбияты ҳаққында Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламнан да бир неше ҳәдислер рәўият қылынған: «Биз бир түн Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге едик, оны жоғалтып қойдық. Ал, таң атқанда Ол Ҳиро тәрептен келди. Биз: «Ҳәй Расулуллаҳ биз сизди жоғалтып қойып изледик, бирақ таба алмадық ҳәм ең жаман түнимизди өткиздик», дедик. Сонда Расулуллаҳ: «Маған жинлердиң үгит-нәсиятшысы келди, оның менен жинлердиң алдына бардық. Мен оларға Қуран оқыдым», деди».

Добавить комментарий