10 апр 23:52Бөлимлер / Ақыйда

Периштелер қандай ўазыйпаларды орынлайды?


Периштелер қандай ўазыйпаларды орынлайды?






Периштелерге жүдә көплеген ҳәр түрли ўазыйпалар жүкленген. Олардан айырымларының атлары ҳәм қандай ўазыйпаны орынлаўы Қураны кәриймдеҳәм ҳәдиси шәрийфлерде  баян етилген:

1. Жәбрайыл алайҳиссалам. Бул периште Руўҳул Әмийн деп те аталады. Жәбрайыл алайҳиссалам пайғамбарларға ўаҳий алып түсиў ўазыйпасына бекитилген.

2. Микайл алайҳиссалам. Микайл алайҳиссалам жаўын-шашын ҳәм өсимликлерге ўәкил қылынған.

3. Исрапыл алайҳиссалам. Қыямет күни болғанда суўрды үплеўге ўәкил қылынған. Уламалар суўрды Аллаҳ тааланың буйрығы бойынша Исрапыл алайҳиссалам үплейтуғын шақыға уқсас нәрсе, деген.

4. Мәләкул мәўт (Әзрейил) алайҳиссалам. Бул периште руўхларды алыўға ўәкил қылынған. Усы периштениң «Әзрейил» деп аталыўы ҳаққында ҳәр түрли көзқараслар бар. Айырымлар, «Қуранда да, сүннетте де «Әзрейил» деген ат келмеген, ал «Мәләкул мәўт» деп аталған. Соның ушын, бул периштени тийкары жоқ ат пенен емес, зикир етилген ат пенен атаў керек, деген. Ал, «Айсарут Тафасир» тәфсиринде: «Өлим периштесиниң исми Қуранда келмеген, бирақ Әҳли сунна оның исми «Абдуллаҳ» мәнисин бериўши «Әзрейил» екенин айтып өтеди», – делинген.

5. Мәләкул мәўттиң жәрдемшилери. Усы жәрдемшилер еки түрге бөлинеди:

А. Рейим периштелери;

Б. Азап периштелери.

6. Бенделердиң ырысқыларына ўәкил қылынған периштелер. Бул периштелердиң тйикарғы ўазыйпалары туўры жол менен ырысқы табыўға ҳәрекет қылатуғынлардың ырысқы табыў жолларын жеңиллестириў. Ал, туўры жолдан азған кимселерди өз ҳалларына таслап қояды.

7. Аршты көтерип турыўшы периштелер. Қураны кәриймде  зикир етилиўинше, айырым периштелер Аршты көтерип турыўға бекитилген.

8. Ризўан. Бул периште жәннетке қорықшы ҳәм ол жерде хызмет қылатуғынларға баслық есапланады.

9. Жәннет хызметшилери. Бул периштелер жәннетке киргенлерге хызмет қылыў ушын бекитилген. Жәннетийлер хызметине таяр болып турған периштелердиң санын жалғыз Аллаҳ тааланың Өзи биледи.

10. Забания. Олар он тоғыз периште болып, оларды Аллаҳ таала дозаққа киргенлерди азаплаў исине бекиткен. Забаниялардың баслығы Мәлик деп аталады. Қуранда дозаққа түскенлердиң азапқа шыдай алмастан Мәликке саза қылыўы хабары берилген. 

11. Ҳүрметли жазып турыўшылар. Бул периштелер инсанлардың қылып атырған ислерин жазып барыўға бекитилген. Олар инсанлардың қылып атырған бәрше жақсы-жаман ислерин жазып барады. Ҳәр бир балағатқа жеткен, ақылы пүтин болған инсанның еки тәрепинде де периштеболады. Оң тәрепиндеги периште оның жақсы әмеллерин, ал шеп тәрепиндеги периште жаман ислерин жазып барады.

12. Сақлаўшы периштелер. Бул периштелер инсанды жин, шайтан ҳәм түрли апатлардан сақлаў исине бекитилген.

13. Жатырға бекитилген периште. Бул периште әкеден ананың жатырына урық түсиўинен баслап, оның раўажланыў басқышлары ҳаққында Аллаҳ таалаға есабат берип турады. Ҳәмилениң ул яки қыз болыўын, бахытлы яки бахытсыз болыўын Аллаҳ тааладан сорайды.

14. Таўлар периштеси. Усы периштени Аллаҳ таала таўларға бекиткен. Ҳәдиси шәрийфлерде таўлар периштесиниң пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сәлем бергени ҳәм оның менен сөйлескени хабары берилген.

15. Гезип жүретуғын периштелер. Усы периштелер жер бетинде айланып жүриўге  бекитилген. Олар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға үмметлериниң сәлемин жеткизип турады.

16. Дуўа периштелери. Усы периштелер дослары ҳаққында сырлы ҳалатта қайырлы дуўа қылатуғынлардың үстине бекитип қойылған. Бул периштелер дуўа қылыўшыға «Әмийн, саған да сондай болсын» деп турады. 

17. Бенделердиң руўхларын жоқарыға алып шығатуғын периштелер. Бул периштелерге қайтыс болған бенделердиң руўхларын жоқарыға алып шығыў ўазыйпасы жүклетилген.

18. Мункар ҳәм Накир. Бул периштелердиң атлары «Бийтаныс» мәнисин аңлатады. Себеби, булар мәйитке бийтаныс болады. Мәйит олардың көринисин алдын көрмеген болады. Бул еки периште қәбирге қойылған инсанларды сораў-жуўап қылыўға бекитилген.

Ҳәдиси шәрийфлерде усы периштелерден басқа да көплеп ислерге ўәкил қылынған периштелер ҳаққында хабар берилген.

«Динимиз ҳүкимлери» китабынан.    

Добавить комментарий