11 янв 09:29Бөлимлер / Фиқҳ

Расулуллаҳ cаллаллаҳу алайҳи ўа саллам мисўакти қай тәризде ислеткен


Расулуллаҳ cаллаллаҳу алайҳи ўа саллам мисўакти қай тәризде ислеткен


Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға таўсылмас ҳамд-сәне болсын.
Пайғамбарымызға дуруду-салаўатлар болсын.

Мисўак ислетиў тек ғана таҳәрат ҳәм намаз бенен байланыслы емес. Бәлки тағы көп жағдайларда мисўак ислетиў мустаҳаб болып табылады. “Қуҳистоний”да айтылыныўына қарағанда, мисўак таҳәратқа тән нәрсе емес. Бәлки, айырықша сүннет болып табылады. “Ҳидоя”ның шолыўында болса мисўак ислетиў ҳәмме ўақытта мустаҳаб болып табылады, деп келтирилген. Бирақ мисўакты таҳәрат ўақтында ислетиў сүннет болады.

Жабир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: “Тап хаткер қулағына қәлем қыстырып алатуғыны сыяқлы, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да қулағына мисўак қыстырып алар еди” (Байҳақий “Ас-сунанул-кубро”да рәўият қылған).

Бул рәўиятта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мисўакқа қаншелли әҳмийет бергенин көрсетеди. Ол үмметти мисўак ислетиўге шақырып, бәринен бурын оны өзи әмелде көрсетип берген. Саҳабалар да пайғамбарымыздан өрнек алып, мисўакқа айрықша мүнәсибетте болған. Басқа рәўиятта Зайд ибн Холид, Убода ибн Сомит ҳәм тағы көплеген саҳабалар да қулақларына мисўак қыстырып алып, ҳәр намаздан алдын мисўак ислеткени айтылған. (Даўамы бар…)

Дерек: Islom.uz сайты

Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар