ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ЕШЕГИ
ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ЕШЕГИ
Ҳайбар қаласынан келтирилген маллардың ишинде бир қара ешек те бар еди. Оны Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қабыл қылды ҳәм ешектен: «Атың не?» деп сорады. Ешек: «Атым Язид ибн Шиҳаб. Аллаҳ таала мениң бабамның нәслинен алпыс ешек пайда қылған. Олардың бирде-биреўин пайғамбарлардан басқалар минбеген. Мен де ақыр заман пайғамбарына көлик болыўды қәлеп жүретуғын едим. Себеби Сизден басқа пайғамбар келмейди. Бизлердиң нәслимиздиң де ең ақырғы даўамшысы мен боламан. Сизден алдын мен бир яҳүдийдики едим. Ол маған минежақ болса, өтирикке сүрнигип жығылатуғын едим. Сонда ол мени урып-сөгип, аш, шөллеген ҳалымда ислетиўге ҳәрекет қылатуғын еди». Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оны «Яъфур» деп атады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам саҳабаларын сол ешек арқалы шақыратуғын еди. Ешек басы менен есикти қағатуғын, Пайғамбарымыз алайҳиссалам шақырғанын ишарат қылатуғын еди…
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болғанында, сол ешек басқаларға қарағанда көбирек ғам шекти. Ақырында, қудыққа түсип набыт болды.
(Муарриқ ибн Әсәкирдиң Ибн Мунзир разыяллаҳу анҳудан қылған рәўияты тийкарында)
«РАСУЛУЛЛАҲТЫҢ АТАҚЛЫ МӨЖИЗАЛАРЫ» китабынан.