09 янв 17:30Бөлимлер / Қуран

Қураны кәриймниң жәмлениўи


Қураны кәриймниң жәмлениўи


Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам тири ўақытларында «Және ўаҳий тусип қалар» деген үмитте Қуран жәмленип, китап ҳалына келтирилмеген. Ол инсан қайтыс болғаннан кейин Қуран инсанлардың қәлбинде ҳәм жазған нәрселеринде сақланып қалды.

Муҳаммад алайҳиссаламнан соң мусылманларға Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу баслық етип сайланды. Бул инсанның дәўиринде диннен қайтқанлар менен мусылманлар арасында қатты урыс болды. Усы урысларда Қураны кәриймди толық ядлаған көплеген қарыйлар шейит кетти. Сонда ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳуға «Қарыйлар өлип кете берсе, Қуранға зыян жетиўи мүмкин, соның ушын оны китап ҳалында жәмлеп қойыў керек», деген мәсләҳәтти берди.

Әўел баста Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу екиленип турды, себеби, бул ис пайғамбар алайҳиссалам тири ўақтында қылынбаған еди. Ал, кейинирек Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу да Қураны кәриймди китап ҳалына келтирип койыу керек екенин аңлап жетти ҳәм Зайд ибн Собит атлы саҳабаны шақырып, бул исти әмелге асырыўды оған тапсырды. Себеби, Зайд ибн Собит разыяллаҳу анҳу пайғамбар алайҳиссалам менен жудә көп бирге болған, Қураны кәриймди жүдә жақсы ядлаған ҳәм оны пайғамбар алайҳиссалам алдында жазған, пайғамбарымыз қайтыс болатуғын жыллары Жәбрайыл периштеге Қураны кәриймди басынан ақырына шекем окып бергенде бирге болған еди.

Солай етип, Зайд ҳәм Умар разыяллаҳу анҳумалар машақатлы урыныслардан кейин Қураны кәриймди кийик терисинен болған қағазларға жазып болды ҳәм байлап Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳудың уйинде сақлап койды. Ол әлемнен өткеннен кейин Қуран жазыўлары ҳәзрети Умар разыяллаҳу анҳудың уйинде, ал ол инсаннан кейин қызы, пайғамбарымыз алайҳиссаламның хаялы Ҳафса анамыз ықтыярында қалды.

Ўақыт өтиўи менен Ислам мәмлекетиниң шегарасы кеңейип, көплеген араб болмаған халықларда мусылманшылықты қабыллағаннан соң, Қураны кәриймди оқыўда түрли келиспеўшиликлер келип шығады. Буны көрген сол ўақыттағы халифа ҳәзрети Усман разыяллаҳу анҳу Ҳафса анамыздан Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу дәўириндеги Қуран жазыўларын сорап алып, 6 нусқада көшириўге буйрық берди. Нусқалар таяр болғаннан соң мусылманлар жасайтуғын үлкелердеги орайлық қалаларға бир нусқадан ҳәм бир қарыйдан қосып жиберди ҳәм ҳәммеге Қураны кәриймди тек усы нусқадан көшириў хәм қирәәтти усы қарыйдан үйрениўге буйрық берди.

Дүньяда ҳеш бир үммет ҳеш бир китапқа, Ислам үммети Қураны кәриймге итибар бергендей итибар берген емес. Жоқарыда айтылғанындай биринши аятлар түскен ўақыттан баслап-ақ, әўел пайғамбарымыз ядлар, соң мусылманларға оқып берер, жазыўды билгенлерге жаздырып қоятуғын еди.

Басқа муқаддес китаплар сыяқлы Қуран арнаўлы бир тайпа адамлар қолында сақланбады. Ал, бул жағдай Қуранға ҳәр ким қәлегенинше өзгерис киргизген, деген түсиникти келтирип шығармайды. Себеби, Қуран халықтың көз алдында, гүўалығында түскеннен кейин де ҳәр дайым халықтың нәзеринде болды. Турмыстағы бәрше келиспеўшиликлер, мәсләҳәт ҳәм ҳүкимлер қуран көрсетпелери тийкарында шығарылды. Қуран мусылманлардың диний, жәмийетлик ҳәм сиясий өмиринде бирден-бир қолланбаға, бәрқулла жолбасшыға айланды.

Жуўмақ келип шығады, Қуран кимлердиңдур қәлеўи бойынша өзгертилетуғын ямаса өзгерис киргизиле беретуғын китап емес. Аллаҳ тааланың Өзи буған жол қоймаўын усы сөзлери тастыйықлайды:

«Әлбетте, бул Зикирди (Қуранды) Биз нәзил еттик. Әлбетте, Оны Өзимиз асыраймыз» («Ҳижр» сүреси, 9-аят).


Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳтың «ИЙМАН» китабынан

Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар