25 апр 10:34Китапхана / Өкинбе

Өзиңизге кеңлиги жер менен аспандай болған жәннетти еслетиң.


Өзиңизге кеңлиги жер менен аспандай болған жәннетти еслетиң.




Бул дүньяда аш ҳәм шарасыз қалсаңыз, қапа болсаңыз, кеселге шалынсаңыз, ҳуқықыңыз аяқ асты етилсе, ямаса зулым көрсеңиз өзиңизге жеткен неъматларды ойлаң. Әлбетте мине усындай исеним менен әмел етсеңиз, зыянларыңыз пайдаға, қыйыншылықлар саўапқа айланады. 


Инсанлардың ең ақыллысы ақырет ушын әмел қылатуғын адамлар. Себеби ақырет жақсы ҳәм мәңги қалыўшы. Ең ақмағы бул дүньяны өзине қорған ҳәм арзыўларының ең шоққысы деп есаплайтуғын адамлар. Мүсийбет түскенде ең өкинишли ҳәм сабырсыз адамлар мине усылар. Себеби олар арзымас дүньяны шын дүнья деп ойлап, көзлери тек усы өткинши дүньяны көреди. Оннан басқасын пикирлей де алмайды. Ойлап та көрмейди. Шадлықтың таўсылып питиўин қәлемейди.


Егер усы қәлбиндеги тосықты алып, көзлериндеги қараңғылық торларын жыртып таслағанда еди, өзлерин мәңги өмирде, оның неъматларында, үйлери ҳәм сарайларында сезинип, ўаҳий келген тийисли сөзлерге қулақ салып еситетуғын еди. Аллаҳға ант етемен, себеби жәннет жүдә әҳмийетли, ғайрат ҳәм гүресиўге арзыйтуғын үлке.


Бизлер жәннет әҳлиниң кесел болмайтуғынын, қапа 

болмайтуғынын, өлмейтуғынын, жаслық шағы таўсылмайтуғынын, кийимлери ширимейтуғынын, сырты ишинен ҳәм иши сыртынан көринетуғын бөлмелери бар екенлигин, ол жерде көз көрип, қулақ еситпеген ҳәм инсан қәлби сезбейтуғын нәрселер бар екенлигин, егер жолаўшы тереклер арасында жүз жыл жүрседе таўсылмайтуғынын, ол жерде алпыс мил узынлықтағы шатырлар бар екенлигин, үзликсиз ағыўшы дәрьялар, бийик сарайлар, ағыўшы булақлар, мийўелер, жүзим бағлары .... бар екенликлерин узақ мүддет пикирлегенбиз бе? ақылымызға не болған, пикир жүргизбеймиз?! Бизге не болған, ойланып көрмеймиз?!


Солай екен, ақыбет усы неъматлары айтылған жәннет үлкесинде болады екен, мүсийбетке шалынғанлар ушын усы мүсийбети жеңил болып, көзлери жайнап, қәлби қуўанышқа толады.


Ҳәй кәмбағаллықтан езилгенлер, кемшиликтен диңкеси қурығанлар ҳәм мүсийбетке дуўшар болғанлар, жәннетке кириў ушын ҳәм исмлери муқәддес болған Аллаҳға қоңсы болыў ушын салиҳ әмеллерди қылыўға асығың. «(Аллаҳ жолында түрли машақатларға) сабыр еткениңиз ушын (енди бул жерде) сизлерге тынышлық болғай! Дүньяның ақыбети болған (жәннет) қандай жақсы» (Раъд,24).


Доктор Аиз Қарнийдиң «Өкинбе!» китабынан


Добавить комментарий