29 май 22:42Китапхана / Өкинбе

Пәрўардигар зулым қылмайды.


Пәрўардигар зулым қылмайды.




Бир ҳаялды ийт себепли жәннетке, екинши  ҳаялды бир пышық себепли дозаққа киргизген, әдил Рәбб, инсаплы Ҳакам бар екенлигин билсеңиз, бахытлы болыўға, шадланыўға ҳәм Аллаҳтың ўәдесине қәтержам болыўға ҳақылысыз.

Бани Исрайыл қәўиминде бир бузық ҳаял шөллеп турған ийтке суў бергени ушын Аллаҳ таала оны кеширди ҳәм жәннетке киргизди.

Екинши ҳаял болса бир пышықты қамап қойып, оған аўқат та, суў да бермеди. Ҳәтте кемириўшилерди тутып алып жеўге де жол қоймады. Соның ушын Аллаҳ таала оны дозаққа киргизди.

Аллаҳ таала бенделерин кишкене қәтеге де жазалаўын, киши бир әмелге де саўап бериўин, арзымас нәрселерге де сыйлықлаўын билсеңиз сизге үлкен пайда келтиреди, қәлбиңизди қәтержам қылады.

Ҳәдис: «Қырық қәсийет бар, олардың ең жақсысы саўып ишиў ушын берип турылған маллар (түйе, сыйыр, қой, ешки). Бул қәсийетлерден бирине ўәде қылынған сыйлықты үмит етип ҳәм саўабын тастыйықлаған ҳалда әмел қылған адамды Аллаҳ таала әлбетте жәннетке киргизеди» (Имам Бухарий рәўияты).

«Солай екен, ким(дүньяда) зәрре муғдарындай жақсылық еткен болса, (қыямет күни) көреди. Ким зәрре муғдарындай жаманлық еткен болса, оны да көреди» (Залзала,7-8).

«...Әлбетте, саўаплы ислер гүналарды кетиреди..» (Ҳуд,114).

Машақат шегип атырғанларға жәрдем бериң, неъматлардан тосылғанларға, өзиңизге берилгенлерден бериң, мазлумды қорғаң, ашларға тағам бериң, шөллегенлерге суў бериң, басына мүсийбет түскенлерди жақсы сөз айтып жубатың, көзи әззилерди жетеклең, адасқанларға жол көрсетиң, мийманды сыйлаң, қоңсыларға жақынлық қылың, үлкенлерге ҳүрметте, кишкенелерге иззетте болың, аўқатларыңыздан басқаларға да бериң, пулларыңыздан садақа қылың, қарым-қатнасыңызды гөззал қылың, басқаларға азар бермең-булардың бәри сизге садақа болып есапланады.

Бул гөззал ҳәм жоқары сыпатлар ең үлкен саадат, қәлбимиз тынышлығы ҳәм ғам-қайғыларды кеткизиўши себеплерден болып есапланады.

Аллаҳ таала гөззал әдеп ийеси. Егер бундай әдеплер бир адамда болса, әлбетте, ол адам жағымлы, шырайлы, ашық жүзли ҳәм қарым-қатнасы жақсы  болады. 


Доктор Аиз Қарнийдиң «Өкинбе!» китабынан




Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар