31 май 17:04Китапхана / Өкинбе

Тарийхыңызды өзиңиз жазың


Тарийхыңызды өзиңиз жазың





Песин намазынан шамасы бир саатлар алдын, Ҳарамда отырған едик. Күн ыссы. Қуяш қатты қыздырып тур. Жасы үлкен бир адам орнынан турып, еки қолына еки ыдысты алды да адамларға муздай Зам-зам суўын бере баслады. Адамлар ишип болса, ыдысты алып артына қайтып, және суў әкелип, басқаларға берип атыр. Солай етип жаңағы жасы үлкен ғарры көп адамның шөлин қандырды. Адамлар оның қолынан суў ишиў ушын нәўбетте тура баслады. Ғарры да еринбей суў жеткизип турды, ҳәтте жүзинен терлери аға баслады. Бирақ ол шаршамастан, күлимсиреп, суў тарқатыўын даўам ететуғын еди.

Мен бул жасы үлкен ғаррының сабырлылығына, жақсылық етиўди жақсы көрип, адамларға еринбей суў тарқатып атырғанына ҳайран қалдым. Қарап турып бир нәрсени аңлағандай болдым:кимге Аллаҳ таала жақсылықларды аңсат қылған болса, ол адамға жақсылық етиў ҳеш қыйыншылық туўдырмайды, Аллаҳ таала жеңил қылған нәрселерге гөззал әмеллер етиў ҳеш қандай машақат келтирмейди екен. Аллаҳ таала жақсылық ғәзийнесин Өзи қәлеген инсанға инам етеди екен, Ол адамларға жақсылық ислейтуғын, жаманлық қылыўдан қапа болатуғын затларды жақсы әмеллерге муўапық етип қояды екен.

Ҳижратқа шыққанларында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды қорғаў ушын Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳуөзин қәўипке қояды.

Хотам мийманларым тойсын деп өзи аш уйықлайды екен.

Әбиў Убайда разыяллаҳу анҳу мусылман әскерлер дем алсын деп, өзлери түнди уйқысыз өткизеди екен.

Умар разыяллаҳу анҳу халқы уйықлап атырғанда, Мадина көшелерин айланып жүретуғын еди. Рамода(ашаршылық) жылы басқаларды аўқатландырыў ушын өзлери ашлықтан бүкшийип қалған екен.

Уҳуд урысында Әбиў Талҳа разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды қорғайман деп, душпанлардың қарсылығына өзлиниң көкирегин тутқан екен.

Ибн Мубәрак өзлери оразадар болсада, адамларға аўқат үлестиреди екен.

«Өзлери аўқатты жақсы көрип турсада, (өзлери жеместен) оны мискин, жетим ҳәм қулларға жегизеди» (Инсан,8)  


«Өкинбе!» китабынан


Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар