22 июн 21:38Китапхана / Өкинбе

Аллаҳтың кәламын тыңлаң


Аллаҳтың кәламын тыңлаң




Рәббиңиз аятлары тиләўатына қулақ салсаңыз, руўхый дем аласыз. Әсиресе, ҳаўазы жағымлы, қәтесиз оқыйтуғын қарый Қураннан тәсирленип гөззал оқыса, оны тыңлаў сизиң қәлбиңизге тынышлық, исеним, қәтержамлық ҳәм саламатлық алып киреди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқалардан Қуран тиләўатын еситиўди жақсы көретуғын еди. Қашан тиләўат еситсе, басқаша тәсирленип кететуғын еди. Қуран Пайғамбарымызға түсирилген болса да, саҳабаларына оқып бериўди буйыратуғын еди. Тиләўатты ҳәр еситкенлеринде оған қулақ салып, рәҳәтленип ҳәм қорқыныш сезинетуғын еди.

Бүгинги күнимизде бизлерде ҳәр кеше-күндиз қәлеген ўақтымызда сүйикли қарыйларымыздың тиләўатын еситиў имканиятымыз бар. Буның ушын ҳәр түрли затлар шығып кетти.

Өмир тәшўишлери, адамлардың топалаңлары ҳәм басқада тәшўишлер сизлерди тынышсызландырады, қыялларыңыз бөлинеди, ден-саўлығыңызды бузады. Сол ўақытта тек Рәббиңиздиң сөзине қулақ салып ҳәм Аллаҳ тааланы еске алсаңыз ғана тынышлыққа ҳәм сакинатқа (аманлыққа) ерисе аласыз.

«(Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикри менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады)» (Раъд,28).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳуға Қуран тиләўат қылып бериўди буйырды ҳәм ол Ниса сүресинен оқып берди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның көзиниң жаслары жүзлерин жуўатуғын дәрежеде жылады ҳәм: «Ҳәзирше жетерли», деди.

Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳу мешитте Қуран оқып атырған ўақтында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сол жерден өтип баратыр еди. Тоқтап, тиләўатын тыңлап турды. Таң атқаннан кейин Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳуға: «Кеше сениң тиләўатыңды тыңлағанымды көргениңде еди!» деди. Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳу: «Я Расулуллаҳ, егер Сиз тыңлап атырғаныңызды билгенимде еди, оны және де зийнетлер едим»-деди.

Ибн Әбиў Ҳатим рәўият қылған ҳәдисте: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир кемпирдиң үйиниң алдынан өтип баратырып, оның Ғошия сүресиниң биринши аятын тәкирарлап атырғанын еситти. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам есик артынан қулақ салып: «Мени бул жерге алып келген нәрсе қандай жақсы! «Мени бул жерге алып келген нәрсе қандай жақсы!»-деди.

Қуран тыңлаўда заўықланыўда, еситип пикир қылыўда сулыўлық ҳәм гөззаллық бар.

«Сен: «Егер инсалар ҳәм жинлер усы Қуранға уқсас нәрсени келтириў ушын бирлесип, бир-бирине жәрдемши болсада, оған уқсасын келтире алмайды»,-деп айт» (Исро,88)

Қуранның әжайып бир қәсийетлери бар: Ол қәлблерге ҳүкимлик етип, руўхыятқа ғайрат береди ҳәм нәпсилерге күшли тәсир етеди.

Мен бәрқулла өткен салафларымыз ҳәм кейинги жақсы адамлардың ҳалларына ҳайран қаламан. Олар Қуран тәсири менен, ҳақыйқый ҳәм итибарға ылайық сазасы алдында өзлерин жойтып қояйын дейди.

«Егер усы Қуранды қайсы бир таўдың үстине түсиргенимизде, әлбетте, оны (таўды) Аллаҳтан қорыққанынан қалтырап, майдаланып кеткенин көрген болар едиңиз...» (Ҳашр,21)

Әлий ибн Фузайл ибн Ияздың атасы «(Бирақ, пәрманым келгенше) оларды тоқтатып (дозаққа тасламай) турың! Әлбетте, олар- (қылмыслары ҳаққында) соралыўшы. (Оларға айтылады:) «Сизлерге не болды? Бир-бириңизге жәрдем бермей атырсыз?» (Соффат,24-25).- аятын тиләўат қылғанын еситип жан тәслим қылған.

Умар разыяллаҳу анҳу бир аятты еситип, ҳәлсизленип қалған. Бир ай даўамында сондай аўҳалда жүрди, ҳәтте оны кесел көриўге келгендей жоқлап келетуғын еди: «Егер Қуран болып, Оның (күши) менен таўлар (орнынан) жылыстырылса, яки оның (күши) менен Жер жарылғанда ямаса оның (күши) менен өлилер тилге киритилсе де (кәпирлер ийман келтирмейди)...» (Раъд,31).

Имам Заҳабийдың айтыўынша: «Абдуллаҳ ибн Ўаҳб жума күни бир баланың «Сол ўақытта олар дозақта бир-бири менен таласып-тартысып....» (Ғофир,47).аятын еситип ҳүўшынан кеткен. Үйине алып келгеннен кейин үш күн ес-түссиз жатып, төртинши күни дүньядан өткен».

Илим әҳиллеринен бири маған Мадинада намаз оқығанын ҳәм имам намазда «Ўақыя» сүресин қирәәт қылғанын айтып берди: «Сүрени тыңлап атырып, мени қалтырататуғын дәрежеде қорқыў басты, бул жағдайдан мениң көзиме ыхтыярсыз дәрежеде көзиме жас келди»-деди. 


«Өкинбе!» китабынан


Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар