Жақсылықты қалыс қылайық! (Ибратлы гүрриң)

Жақсылықты қалыс қылайық!    (Ибратлы гүрриң)


Әбиў Наср деген аңшы болып, шаңарағы менен кәмбағаллықта турмыс кеширетуғын еди. Бир күни көшеде ҳаялы ҳәм перзенти ашлықтан қыйналып атырғанын ойлап, қайғыға шүмип баратырғанда сол дәўирдиң мусылман алымларынан Аҳмад ибн Мискинге дус келди. Оған жарлылығынан шикаят қылды. Шайх аңшыны теңиз тәрепке жетеледи. Мәнзилге жетип келгеннен кейин, еки рәкаат намаз оқыўды, кейин «Бисмиллаҳ…"ты айтып, теңизге тор таслаўды буйырды. Әбиў Наср айтылғанды қылды, тез арада торға үлкен балық илинди. Шайх аңшыға балықты базарда сатыўды ҳәм пулына бала-шағасы ушын азық-аўқат алыўды тапсырды. Әбиў Наср балықтың пулына ишине гөш ҳәм шийринлик салынған еки нан сатып алды. Кейин шайхтың алдына барды ҳәм нанның биреўин берди. Бирақ, Аҳмад ибн Мискин: «Егер биз нәпсимизди бундай етип тойдыра берсек, торға балық илинбей қалады», деп айтты. Себеби, шайх бундай әмеллерди тек жақсылық ушын қылып, есесине ҳеш нәрсе күтпейтуғын еди. Ол Әбиў Насрға нанларды бала-шағаңа алып бар, деди. Үйине кетип баратырғанда жолда ашлықтан жылап отырған ана-баланы көрди. Бул көз жасларға тамашагөй болып туралмады  ҳәм қолындағы нанларды оларға услатты. Ғәриплердиң жүзинде қуўаныш пайда болды. Ал, Әбиў Наср жолын даўам етип, бала-шағама не жегиземен, деп және ғам шеге баслады. Усы ҳалатта киятырғанда, бир адамның: «Ким маған аңшы Әбиў Насрдың үйин көрсетеди», деп атырғанын еситти. Адамлар оған Әбиў Насрды көрсетти. Ол адам аңшының алдына келди ҳәм: «Әкең жигирма жыл алдын маған қарыз берип еди, кейин өзи дүньядан өтип кетти. Оның жақынларын излеп жүр едим, ақыры сени таптым. Мине, отыз мың дирҳам пул, әкеңниң малын қабыл етип ал», деди.
Әбиў Наср айтады: «Мен бир сәтте ең бай адамға айландым. Өз үйим, дүканыма ийе болдым. Сол, қолыма пул түскен күни-ақ мың дирҳамды Аллаҳға шүкирлик сыпатында садақа қылдым. Күнлер өте баслады, мен жүдә көп иҳсан беретуғын едим.
Өз-өзиме таң қалатуғын болып қалдым. Бир күни түс көрдим. Түсимде қыямет қайым болып, бенделердиң жақсылық ҳәм жаманлықлары өлшенетуғын тәрези қойылған екен. Бир периште: „Ҳәй Әбиў Наср, бул жерге кел, сениң дүньяда қылған жақсылық ҳәм жаманлықларың өлшенеди“, деп шақырды. Тәрезиде жаманлықларым аўыр келди. Сонда мен: „Садақа қылған малларым қәне?“ деп сорадым. Сол маллар қойылған еди, ҳәр мың дирҳам астына нәпсини ойлап ҳәм  менменлик пенен қылынған садақалар, деп жазылған еди. Солай етип, олар мисли пахтадан тоқылған гезлеме киби жеңил болып калды. Дад салып, жылап жибердим. „Енди не қыламан, қай жерден жәрдем күтемен?“ дедим. Сонда бир периште: Оның және басқа нәрсеси бар ма? деп сорап атырғанын еситип қалдым. Басқа бир периште: „Аўа, оның еки дана наны бар“, деп қалды. Баяғы нанлар жақсылықлар турған пәллеме қойылған еди, ол тас басып, жаманлықлар тәрепи менен теңлести. Периште: „Және басқа нәрсеси де бар ма?“ деди. Басқа периште: „Аўа, бар, көзжаслар“, деп айтты. Сол көзжаслар мен еки нанды садақа қылған пайытымда жылаған ҳаялдики еди. Олар қойылған еди, мисли аўыр тас киби тәрезиниң жақсылықлар пәллесин басты. Қуўанып кеттим. Ендиги сапар пәллеге кишкене баланың күлимсирегени қойылды. Себеби, мен сол еки нанды иҳсан қылғанымда жылаған ананың баласы қуўанып күлимсиреген еди. Усы тәрезиде тәрезиниң жақсылық пәллеси басыла берди, басыла берди. Ал, периште: „Әбиў Наср жәрдем тапты, жәрдем тапты!“ деп саза қылар еди. Тап сол ўақытта „Егер биз нәпсимизди бундай етип толтыра берсек, торға балық илинбей қалады“, деп оянып кеттим…»
Қыссадан шығатуғын жуўмақ сол, жақсылықты көбирек қылайық. Ийгиликли ислерде қалыс болайық. Аллаҳ тааладан ийгиликли әмеллерге муўапық қылыўды ҳәм шырайлы жуўмақ бериўди сорайық.

Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар