Доктор Әлий Саллобий усыныслары


Доктор Әлий Саллобий усыныслары



Ким перзентлерин рухый кеселликлерден сақлаўды ҳәм уллы шахс ийеси болыўды қәлесе, төмендеги усынысларға әмел қылсын, иншааллаҳ, жақсы нәтийжелерге ериседи.

1. Перзентиңиз бенен ҳәр күни дос болып сәўбетлесиң (мектеп, оқыў ҳаққында сөйлеспең ҳәм нәсият етпең);
2. Ҳәр күни бес мәрте перзентиңиздиң жақсы минез-қулқы, гөззал әмеллерине мақтаў айтың;
3. Ҳәр күни бес-он мәрте перзентлериңизге меҳир-мухаббат сезимлерин билдириң;
4. Ҳәр күни перзентиңиздиң өзин тутыўына, көринисине мақтаў айтың;
5. Ҳәптесине бир мәрте бес минут болсада үйден сыртта шынығыўларды бирге орынлаң (пияда жүриў, спорт пенен шуғылланыў, машинада қыдырыў...);
6. Өмир тийкарларын балада пайда қылыў ушын уйқыдан алдын ҳәр күни «Пәлен жақсы исти ислегениңде, өзимди жүдә бахтияр сездим», «Үкеңе қарағаның-жүдә үлкен ис болды», «Пәлен келисиўимизге әмел қылғаның мен ушын бахыт», сыяқлы сөзлер менен разылығыңызды билдирип турың;
7. Ҳәптеде бир еки мәрте шаңарақта мәсләҳәтлесиў ҳәм сәўбетлесиў ушын кешки тағамда бирге отырың;
8. Ҳәр күни 1-3 минут балаға толық қулақ салың. (шегара ҳәм қағыйдасыз сөйлеўге рухсат бериң);
9. Өз ықтыярыңызға алыў менен перзентиңизге болған мухаббаттыңызды көрсетиң: басының арқа тәрепин сылаў-меҳрибанлықты билдиреди, басына қолыңызды қойсаңыз-мақтанышты билдиреди, қолыңызды маңлайына қойсаңыз-тынышландырады, қолынан усласаңыз ата-бала ортасындағы байланысты күшейттиреди. Егер тынышсызланса, көкирегин сыйпалап тынышландырың;

Қушақлаў, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның перзент тәрбиясынан бизге өрнек болып қалған. Ол Зат Фатима разыяллаҳу анҳаны мешитте ямаса саҳабалар алдында маңлайынан, қолларынан сүйип, баўырына басатуғын еди.

Усы дәстүрге әмел қылып, перзентиңизге өз меҳриңизди көрсетиң, оның соншелли уллы неъмат екенлигин сездириў арқалы ортаңызда күшли байланыс пайда болсын. Ол сизиң алдыңызда гөззал минез-қулықлы, тәрбиялы, үлкенлерге ҳүрмет ҳәм кишилерге иззетли ҳәм ата-анасын разы қылатуғын ҳақыйқый мусылман болып ержетсин. Тәрбиясын руўхый жақтан ҳәм күш пенен бузатуғын адамлардан узақласып, оларға дус келгенде өзин туўры тута алатуғын инсан болып жетилиссин.

Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар