05 июн 17:36Мақалалар

“Жегендей болдым”


“Жегендей болдым” 


(Гөззал үлги тымсалына қурылған мешит)






Туркияның Истанбул қаласында ”Sanki Yedim Camii” атындағы мешит бар. Бул атаманың түркшеден аўдармасы "Жегендей болдым мешити" мәнисин аңлатады. Бир кисиниң үлги боларлық ықласы ҳәм шексиз қанааты есесине қурылған бул мешит тарийхта әўладлар ушын тәрбиялық әҳмийети жүдә үлкен. 

Жигирма жыл даўамында жыйналған пуллар.

ХVII әсирде Усманлылар дәўиринде Истанбулдың Фатиҳ аймағында Хайриддин исимли бир киси жасайтуғын еди. Сол дәўирде тек султан яки ири әмелдарлар тәрепинен қурылатуғын мешитлерди көрип ҳәўес ететуғын еди. Қәне енди мен де өз есабымнан мешит қурыўдай саўаплы ис ислесем, деп әрман ететуғын еди. 

Мешит қурыў пикири ойына келгеннен соң, бул оның өмириндеги ең үлкен мақсетке айланды. Бирақ оның ушын бул инсаның қәрежети жеткиликли емес еди.

Әтирапындағы адамлар бул мақсетинен қайтыў кереклигин айтса-да, ол пикиринен қайтпады. Сонда ол өзиниң ҳәр қандай қәлеўлерин шетлеп, пулларын тежеў жолын тапты.

Қаҳраманымыз қашан базардың қасынан өтсе ҳәм нәпси бир мийўени, гөшти, ҳалўа яки басқа нәрселерди жегиси келип қалса "жегендей болдым" деп соған жеткендей пулды бир сандыққа таслап қояды екен.

        Айлар, жыллар өтседе, ол өзин ләззетли тағамлардан тыйып, аз ғана аўқатқа қанаат қылыпты. Сандық болса әсте-ақырын пулға толып бара берипти.

Усылайынша 20 жыл даўамында жыйналған пуллар менен кишкене мешит қурыў ушын қаржы топлайды ҳәм Зейрек районында мешитти қурады. Жергиликли халық оның қыссасынан хабары болғаны ушын мешитти "Жегендей болдым" деп атайды.

Мешит биринши жер жүзлик урысы ўақтында, мешит жайласқан аймақта келип шыққан өрттен үлкен зыян көреди. 1959-жылға шекем қараўсыз қалған мешит, жергиликли халық жыйнаған пулға капитал оңлаў жумыслары алып барылады. Мешит бүгинги күнге шекем ислеп келмекте.

Жолыңыз түсип Истамбулга, Фатиҳ аймағына барсаңыз ески үйлер арасындағы кишкене мешитти көресиз. Бул мешит Хайриддин ықласынан дерек береди. Ол инсан пақыр, камбағал болыўына қарамастын мәңги өмир ушын саўап барып туратуғын гөззал имарат қалдырып кетти.

Оған дунья ләззетлери "мени жең" деп саза қылғанда оларға қарап "жегендей болдым" деп жуўап қайтарды ҳәм бул қанааты есесине иншааллаҳ өзине жәннеттен бир сарай таярлап кетти!


Добавить комментарий