14 сен 11:50Мақалалар

Биринши университет тийкарын салған – мусылман қыз


Биринши университет тийкарын салған – мусылман қыз




Бүгинги күнде көпшилик адамлар университетлерде билим алыў ушын арзалар тапсырмақта. Қураны кәриймниң илимге шақырыўы тийкарында мусылманлар бәрқулла изленислер алып барған. Ҳеш екиленбей, «Оқы!» деген буйрыққа «Ләббәй» деп жуўап берген. Илим излеў ҳәр бир мусылман ушын парыз екенин түсинип, сезинген инсанлар, әлбетте, буның ушын жетерли шәрт-шәраятлар кереклиги, белгили қәнигелер кереклигин билген. Сол себептен де, дәслепки университетлердиң ашылыўы мусылманлар тәрепинен әмелге асырылғаны да ҳайран қаларлы жағдай емес. Өйткени, мусылман әлеми әййемги заманлардан баслап, жәмийет ушын керекли тараўларды үйрениўде белсендилик еткен. Сол пайытларда талабалар мешитлер, мектеплер ҳәм алымлардың үйлеринде билим алған. Дүньядағы биринши университет Марокашдағы Қараўийинниң тийкаршысы сыпатында алымлар Фатима әл-Фиҳриди көрсетеди. Ол заманагөй университетлер ушын негиз таярлап берди.

Фатима әл-Фиҳри тунисли бай саўдагер Муҳаммад әл-Фиҳридиң қызы болған. Фатима 1000 жыллар алдын 859-жыл Марокаштың Фас қаласында «Қараўийин» университетине тийкар салды. Гиннес рекордлар китабы усы университетти ең әййемги ҳәмде ҳәзирги күнде де искерлиги даўам етип атырған халықаралық университетлер қатарына қосқан. Фатима әл-Фиҳри жаслығы ҳаққында көп мағлыўматлар сақланып қалмаған. Сол белгили, яғный ол бай исбилермен, зыялы, ҳәттеки, ҳаяллардың билим алыўына аҳмийет беретуғын шаңарақта туўылған. Фатима, оның сиңлиси Марьям да оқымыслы ҳәм тақўадар ҳаяллардан бири болған.

IX әсирдиң басларында көп араблар қатары Фатиманың шаңарағы да Тунистен Фасқа көшкен. Фас сол ўақытлары шаўқымлы, көп миллетли қала есапланған. Әкеси қайтыс болғаннан кейин, Фатима оның исин даўам еттирди. Апа-сиңли әкесинен қалған үлкен мийрас есабынан халыққа пайда келтиретуғын ис ушын қаржыларын сарп етиўге қарар қылды. 859-жылы Фатима қала ушын жоқары оқыў орны зәрүрлигинен мешит-университет «Қараўийин»ди шөлкемлестирди. Тунистеги туўылған қаласы Фастағы халықтың көпшилиги көшип өткен Қайруўан атына усылай ат пенен аталды. Имарат өзиниң ишки дәрўаза, намазхана ҳәм сабақ таярлаў ханалары менен биргеликте 30 метрди өз ишине алады. Дәслеп диний пәнлер ҳәм Қураны кәриймнен сабақ өтилген. Кейин оның тәлим дәстүри жетистирилип, араб тили, математика, нама, медицина, астрономия сыяқлы пәнлерден де питкериўшилерди шығара баслады. Университет тез-арада тәлим-тәрбия орайы сыпатында жүдә атақлы болды. Дүньяның түрли тәреплеринен алымлар ҳәм зыялы қатлам келе баслады. Фатима да өмириниң ақырына шекем талабаларға билим берген.


Не ушын Фатима дәслепки университет тийкаршысы есапланады?

Фатиманың илимий орай шөлкемлестириў ҳаққындағы жаңалығы орта әсирлерде пүткил дүнья бойлап тарқалды. Университетте оқытыў системасын бизлер бүгин билетуғын университетлердегидей белгиледи. Университеттеги тереңлестирип оқытыў имканияты болғанынан, кейинги әсирде 1088-жыл Европадағы әййемги Болония ҳәм 1096-жыл Оксфорд университети ашылыўына алып келди.


Университет бүгинги күнде де искерлик алып бара ма?

Фатима әл-Фиҳридиң қайтыс болыўынан соң оқыў орнының искерлиги кеңейди. Мешит Африкадағы ең үлкен мешитке айланды. Оның сыйымлылығы 22 000 адамнан ибарат. Мешит қурылғанында ишки дәрўаза ҳәм 4 дана кең дәлизди өз ишине алған 30 метрли аймақ болған.

956-жылы мешит кеңейтирилип, төрт мүйеш формасына келтирилди. 1135-жылда избе-из қурылған имаратлардың саны 22 данаға жетти. Көшип келген халыққа мешит қурыў ушын Фатима әкесинен қалған мийрастың бәршесин сарп еткен.

Ҳәзирде Қараўийин 3 000 м2 ты қурайды. Араб үлкесиниң ойшылларынан Ибн Халдун, Майманид, Фатима әл-Каббаж, Ибн Арабий де университет питкериўшилери есапланады.


Дереклер тийкарында 4-курс

Ниёзалиева Мунаввар таярлады.


Дерек: islaminstitut.uz

Добавить комментарий