23 авг 11:30Мақалалар

ѲМИР ҚАЛАЙ УЗАЯДЫ?


ѲМИР ҚАЛАЙ УЗАЯДЫ?


Ѳмирди жақсы көриў, узақ жасаў, егер мүмкиншилиги болса, мәңги жасаўды қәлеў ҳәр бир инсанға тән.

Шайтан Адам алайҳиссаламды алдап, Аллаҳ таала тыйым салған теректиң мийўесинен жеўге үндеди:

«Кейин, шайтан оны ўасўаса қылып: «Ҳәй Адам, мен саған мәңгилик терегин ҳәм ширимейтуғын (жоқ болмайтуғын) мүликти көрсетейин бе?» – деди. (Тоҳа сүреси, 120-аят).

Дин де егер инсан ѳмирин ҳақ ҳәм жақсылыққа сарплап узақ жасаса, оның неъмат екенин атап ѳткен.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан инсанлардың жақсысы ким екени ҳаққында сорағанда, ол: «Ѳмири узын ҳәм әмели шырайлы болған киси», деп жуўап берди.

Егер, ѳлим дүнья ѳмириниң тамамланыўы екен, қаншелли узақ болып кѳринбесин, негизинде ѳмир жүдә қысқа мүддет. Себеби, санаўлы күнлерден ибарат болған ѳмирге ѳлим қәлеген ўақытта ноқат қойыўы мүмкин.

Инсанның ѳмири шекленген болса, қандай қылып оны узайтыўы мүмкин? Дыққат қылың, инсан ѳмири сиз-биздиң түсиншемиздеги туўылғаннан баслап ѳлгенге шекемги мүддет пенен емес, бәлким Аллаҳ тааланың алдында жазып барылатуғын солиҳ әмеллер менен ѳлшенеди. Демек, инсан ѳз ѳмирин Аллаҳ таала буйырғанындай жасаўы ҳәмде инсанларға жәрдем бериўи, әмеллерди ықлас ҳәм муҳаббат пенен орынлаўы, солиҳ әмеллерди кѳбейтиўи ҳәм Аллаҳ тааланың разылығына еристиретуғын басқа әмеллери менен узайтырыўы мүмкин екен.

Имам Муслим Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адам баласы қайтыс болғанда садақаи жәрия, қалдырған пайдалы илими, ҳаққысына дуўа қылыўшы солиҳ перзентинен басқа ҳәмме әмели кесиледи», деди.


Шайх Юсуф Қаразоўий раҳматуллаҳи алайҳидиң “Мусылман ѳмиринде ўақыт” китабынан алынды.


Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар