БАСМАЛА
БАСМАЛА
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» (Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен баслайман) кәлимасын қысқартып «Басмала» яки «Бисмиллаҳ» делинеди. Қураны кәриймниң Тәўбе сүресинен басқа ҳәмме сүрелери усы кәлима менен басланады. Ол Намл сүресинен бир аят болып, Фатиҳа сүресиниң басында да келеди. Қираат уламалары Тәўбе сүресинен басқа ҳәмме сүрелердиң басында Басмаланы айтыўға келисилген. Оның ҳүкими суннати муаккада болып есапланады. Исламда барлық ибадатлар ҳәм қайырлы ислерди Басмала менен баслаў сүннет болады. Мусылман киси Қуран тиләўаты, намаз, таҳәрат, ғусл, таўаф сыяқлы әмеллерди Басмала менен баслаўы лазым болады. Буннан тысқары бир иске кирискенде, аўқатланғанда, кийингенде, уйқыға жатқанда, қулласы ҳәр қандай жумысты Басмала менен баслаў зәрүр болады. Басмаласыз басланған истиң соңы кесик болады, қайырлы тамамланбайды. Ислам шәриятына кѳре Басмала айтылмай сойылған ҳайўанның гѳши ҳарам болып, оны жеўге болмайды. Динимиздиң әдебине кѳре хатлар, рәсмий ҳүжжетлер ҳәм диний шығармалар да Басмала менен басланады.
Аҳмад Муҳаммад Турсунның «Динимизди үйренемиз» китабынан