16 сен 18:00Мақалалар

НЕ УШЫН ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫ ЖАҚСЫ КӨРИЎИМИЗ КЕРЕК?


НЕ УШЫН ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫ ЖАҚСЫ КӨРИЎИМИЗ КЕРЕК?


   Буны түсиндириў ушын бир мысал келтиремиз: "Көз алдыңызға келтириң, сиз алдын келип көрмеген бир қалаға келип қалдыңыз. Баратуғын жериңиздиң мәнзилин билмейсиз. Бирақ излеп атырсыз. Излеп-излеп ақыры кеш болып, қараңғы түсип, түн болып қалды. Енди сиз алдын келип көрмеген, адамларын танымайтуғын, баратуғын жериңизди билмейтуғын бир қалада жалғыз қалып кеттиңиз. Бул да жетпегендей қараңғы түнде. Сиз жолыңызды жойтып алдыңыз. Енди не қылыўды, қай жерге барыўды, кимнен жәрдем сораўды билмейсиз. Усындай сәтте сизге биреў жәрдемге келди. Қарасаңыз ол сиз барыўыңыз керек болған жерди билетуғын адам екен. Ол сизге жолды көрсетти, қалай барыўды түсиндирип берди. Сол себепли сиз мәнзилиңизге аман-есен жетип бардыңыз. Сиз буған қатты куўанып, сизге жол көрсеткен адамға көп алғысыңызды, рахметиңизди айтып, "еле де сол адамға жолығыппан" деп қайта-қайта айтасыз. Сизиң ол адамға деген муҳаббатыңыз күшейип кетеди. Және көрип қалсаңыз және сол ушын рахмет айтасыз ҳәм бул дерлик өмириңиздиң ақырына шекем даўам етеди".


   Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерге бийтаныс болған бул қараңғы дүньяда шырақ* болды. Қай жерге барыўымызды, қалай барыўымызды үйретти. Баратуғын жолға нелер алып шығыўымызды, нелер керек екенин түсиндирди. Солай екен, бизлер Пайғамбарымыз үйреткен жол менен жүретуғын болсақ, әлбетте ең ақырғы мәнзилимизге жетемиз. Мине усы себепли ҳәрбиримиз Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды жақсы көриўимиз парыз болады.


ШЫРАҚ - жақты, нур, жарық (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги IV том).


Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар