ҒӘПЛЕТТЕ ҚАЛМАҢ! РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ТУЎЫЛҒАН АЙ КИРИП КЕЛДИ


ҒӘПЛЕТТЕ ҚАЛМАҢ! РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ТУЎЫЛҒАН АЙ КИРИП КЕЛДИ


Ғәплетте қалмаң! Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам туўылған ай кирип келди. «…Ҳақыйқатында да, сизлерге өзлериңизден болған, сизлердиң машақат шегиўиңиз оған аўыр болатуғын, сизлердиң (ҳидаят табыўыңызға) қызығыўшы, мөминлерге ғамхор, рейимли пайғамбар келди» (Тәўбе сүреси, 128-аят) деп мәрҳамат қылған ҳәм ҳидаятқа баслаған, бизлерди үммети Муҳаммад қылған Аллаҳ таалаға шексиз ҳәмд санелер болсын!

«Алдынғы пайғамбарлар өзлериниң қәўимлерине жиберилетуғын еди. Мен болсам ҳәммеге бирдей пайғамбар қылып жиберилгенмен», деген Ҳабибимиз ҳәм Шәпәәтшимиз болған Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға кәмил салаўат ҳәм сәлемлер болсын!

Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Пил жылында Робиъул әўўәл айының он екинши сәнеси (айырым дереклерде 8, 9 ямаса 10-күнлери), дүйшенби күни (миладий 571-жыл апрел айында) дүньяға келди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дүйшемби күни ораза тутып: «Бул мен туўылған күн», деп айтатуғын еди (Имам Муслим рәўияты).


Робиъул әўўәл айы қандай ай?

Ҳижрий-қамарий календарь бойынша жылдың (Муҳаррам ҳәм сапар айларынан кейинги) үшинши айы. Бул ай Ислам үммети ушын ең сүйикли айлардан болып есапланады. Себеби бул айда Аллаҳтың соңғы пайғамбары ҳәм ҳабиби Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам туўылды. Усы себептен бул ай «Мәўлид айы» деп те аталады.


Мәўлид не дегени?

Мәўлид сөзликте «туўылыў» деген мәнини билдиреди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам туўылған ай Робиъул әўўәл айы мүнәсибети менен өткерилетуғын илажлар «Мәўлидун Нәбий» делинеди. Мәўлид айы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды еле де қаттырақ сүйиўге умтылыў, сийратын (өмир тарийхын) үйрениў, оған ҳәр бир исте ериў, еле де көбирек салаўатлар айтыў айы.


Бул айды қалай өткериў керек?

Бул айды Пайғамбарымыз алайҳиссаламды еле де күшлирек сүйиўге умтылыў, сийратын үйрениў, оған ҳәр бир исте ериў, көбирек салаўатлар айтыў менен өткериў лазым.


Салаўат не дегени?

«Салаўат» сөзи араб тилиндеги «солат» сөзиниң көплиги болып, «дуўа» деген мәнини аңлатады.


Салаўат қалай айтылады?

Саҳабалар разыяллаҳу анҳум Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан «Я Расулаллаҳ сизге салаўат айтыў қалай болады?» деп сорағанында Ол: «Аллаҳумма солли ъәләә Муҳаммадин ўә ъәләә әәли Муҳаммад, кәмәә соллайтә ъәләә Иброҳима ўә ъәлә әәли Иброҳим. Иннәкә ҳамидум-мәжид. Аллоҳумма бәәрик ъәләә Муҳаммадин ўә ъәләә әәли Муҳаммад, кәмәә бәәрокта ъәләә Иброҳима ўә ъәләә әәли Иброҳим. Иннәкә ҳамидум-мәжид» деп айтың деген. (Имам Бухарий рәўияты).


Дерек:  Мuslim.uz

Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар