Рәсмий хабар: Жума намазларын оқыўға руқсат етилди
Рәсмий хабар: Жума намазларын оқыўға руқсат етилди
Республикада карантин талапларын қысқартыў мақсетинде Мәмлекет Басшысы тәрепинен берилген көрсетпелерге муўапық, Республика арнаўлы комиссиясының нәўбеттеги қарары жәрияланды. Онда 2020-жыл 5-сентябрь сәнесинен баслап жума намазларын жәриялаў нәзерде тутылған болып, атап айтқанда былай делинеди:
Диний шөлкемлерде жәмәәтлик ибадатларды (жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлер) әмелге асырыўға. Бунда усы объектлер төмендеги санитария қағыйдаларына әмел етиўи талап етиледи:
- Жәмәәтлик ибадатты өткериў ушын келиўшилер ортасында жәмийетлик аралықты тәмийинлеў;
- Диний шөлкемлер хызметкерлери ҳәм келиўшилердиң медициналық нықапта болыўы;
- Санитария-гигиена ҳәм дезинфекция талапларына қатаң түрде әмел етиў, имарат ханаларын турақлы түрде дезинфекция қылыў, оларға кириў-шығыў жерлерин пирометрлер, антисептикалық қураллар ҳәм дезинфекциялық “төсек”лер менен тәмийинлеў;
- Ҳәр бир диний ибадаттан кейин имарат (хана) ҳәм ондағы үскенелердиң жүзи бөлегин дезинфекциялық қураллар менен тазалаў;
- Имарат ҳәм ханаларға, сондай-ақ, ҳаўа айландырыў системасына зәрерсизлендириў үскенелерин (ультрафеолет лампалар ҳ.т.б) орнатыў.
- Дене температурасы 37 С ҳәм оннан жоқары болған яки инфекция белгилери бар болған келиўшилерди киргизбеў;
- Диний шөлкемлерге кириў ҳәм шығыў жерлеринде халықтың топланыўына қатаң түрде жол қоймаў.
Кейинирек қарар текстин толық жәриялаймыз
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети