20 сен 12:45Жаңалықлар

ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ


ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ


2023 жыл 19-сентябрь  күни Қарақалпақстан  Республикасы  Жоқарғы Кеңеси  тәрепинен дүзилген  "Жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, арнаўлы, үгит-нәсият" топарының Шоманай районы  жаслары менен ушырасыўы болып өтти.


Райондағы «Мәденият орайы”нда өткерилген ушырасыўда жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, миллетлер ара татыўлықты беккемлеў, тынышлықтың қәдирине жетиў, ҳәр қыйлы бузғыншы, қадаған етилген диний ҳәм сиясий ағымлардан аўлақ болыў, миллий қәдриятларымызды сақлаў,  экологиялық апатшылық ҳәм оны жумсартыў барысында кеңнен түсиниклер берилди.

Ушырасыў соңында жаслардың сораўларына жуўаплар берилди ҳәм төмендеги илажлар белгилеп алынды:

1. Жәмлеспеген жаслар ортасында "Заковат" интеллектуал ойыны, кибер спорт, китапқумарлық ҳәм сахналық шығармалар бойынша Шоманай районлық беллесиўин мәҳәллелер кесиминде өткизип, район сайланды командасын республикалық басқышқа усыныў;

2.Кем тәмийинленген шаңарақларда жасайтуғын жәмлеспеген жасларды спорт мектеплерине, мәденият бөлимине қызығыўшылығы бойынша шынығыўларға бийпул қатнастырыў, оларға үйретиўши тренерлерди бекитиў;

3. Усы жылы оқыўға тапсырып кире алмаған кем тәмийинленген шаңарақлар перзентлерин өзлери оқыған мектеплердеги пән дөгереклерине қатнастырыў;

4.Миграциядан келип, жумыссыз жүрген жасларды Моно орайға қызығыўшылығына қарай оқыўға бағдарлаў, питкергеннен соң өзин өзи бәнт етиўине ерисиў.



Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар