ЗАМАНАГӨЙ МИССИОНЕРЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРИ


ЗАМАНАГӨЙ МИССИОНЕРЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРИ


ЗАМАНАГӨЙ МИССИОНЕРЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРИ

Миссионерлик бүгинги күнде көп тармақлы тараў есапланады. Ҳәзирде миссиоиерлер кирип бармаған тараў, олар ис-ҳәрекет етпейтуғын мәмлекеттиң дүньяда табылыўы қыйын.

Белгили бир мәмлекеттеги социал-экономикалық, жағдайдан ғәрезли мақсетлср жолында пайдаланыўға ҳәрекет етиў заманагөй миссионерликтиң ең әҳмийетли белгиси саналады. Миссионерликтин бүгинги күнде көп тармақлы тараўларынын бири бул:

«Жетинши күн адвентистлери». Адвентистлердиң дүнья бойынша 46000 нан аслам ширкеўи ис жүргизбекте. Миссионерликти әмелге асырыўда «Жетинши күн адвентистлери» бағдарланған усыллар менен бир қатарда радио, телевидение, интернет сыяқлы заманагөй қураллардан да үнемли пайдаланбақта. Бирақ усы шөлкем өз миссионерлик ҳәрекетинде тийкарынан медициналық миссияларға үлкен әҳмийет бериўин айрықша атап өтиў лазым. Бул арқалы олар Ийса Масих тәрепинен әмелге асырылған тәўиплик исин даўам еттирип атырғанын көрсетпекши болады.

Бундай ислерди системалы шөлкемлестириў мақсетинде «Жетинши күн адвентистлери» тәрепинен 1956 жылда АДРА (ADRA-Adventist Development and Agency - Адвентистлердиң бийғәрөз жәрдем ҳәм раўажланыў агентлиги) атлы шөлкем де дүзилген. Агентлик өзинин 125 аймақлық бөлимлери арқалы дүньяның түрли жерлеринде бийпул медициналық ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў менен шуғылланады. Усы агентликтиң ҒМДА бойынша аймақлық орайы 1992 жылы Москва қаласында ашылған болса, 1998 жылдан баслап Қазақстанда оның ўәкилликханасы ис жүргизбекте.

Агентлик тәрепинен 2006 жылы Тәжикстанда бийпул тигиў-пишиў курслары ашылып, 2008 жылдың октябринде курс питкериўшилери ҳәм басқа үй бийкелерине бийпул тигиў машиналары тарқатылған. 2008 жылы бул агентлик Кырғызстанға вируслы гепатитке қарсы 9,6 миллион АҚШ доллары баҳасы муғдарында вакциналар жеткерип берген. Қубла Осетияда да усы агентлик бир неше қайырқомлық ислерин әмелге асырған. Айрықша дыққатқа ылайық тәрепи сонда, агентлик Орайлық Азиядағы барлық қайыркомлық ислерин АҚШ ҳүкимети атынан әмелге асырып келмекте.

Агентлик тәрепинен алып барылып атырған ҳәрекетлерде гейде ашықтан-ашық, көпшилик ҳалларда астыртым христианлықды үгитлеў ислери оның жәрдеми ҳасла бийғәрөз емеслигин көрсетеди.

«Иегово гуўалары» белсенди түрде миссионерлик пенен шуғыллапып атап өтиў орынлы. Ҳақыйқатында да, «Иегово гуўлары» миссионерликке үлкен итибар береди. Жәмәәт пайда болған дәўиринен баслап, тийкарынан үйме-үй жүриў ҳәм әдебиятлар тарқатыў менен өз тәрепдарларын көбейтиўге ҳәрекет етеди. Айырым мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги күнде иеговошы миссионерлердиң саны 700 мыңнан аслам адамды қурайды. Жәмәәт басшылары тәрепинен миссионерлерди таярлаў ислеринс үлкен әҳмийет бериледи. АҚШ тың Нью-Йорк қаласында, жәмәәттиң бас офиси менен бир жерде «Галаад» атлы миссионерлерди таярлаў орайы бар. Бул орайдың шөлкемлестирилген 5 айлық курсларында пүткил дүньядан көплеп миссионерлер тәлим алады.

Миссионерлик ҳәрекетин қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм әдебиятларды басып шығарыў ушын «Гүзетиўши минәра, «Библия» ҳәм баяннамалар жәмийети» дүзилген. Бул жәмийет корпорация деп аталып, бас офиси шөлкемниң тийкарғы имараты менен бир жерде, АҚШ тың Бруклин (АҚШ, Ньо-Йорк)те жайласқан. Корпорацияны жети директордан ибарат басқарыў кеңеси басқарады ҳәм олар корпорация Прөзидентин сайлайды.

Ҳәзирги күнде «Иегово гуўлары» 230 дан аслам мәмлекетте ис алып барады ҳәм дүнья бойынша 111 аймақлық ўәкилханаларға ийе.

Расында да, иеговошылар миссионерликти өзине тән ҳәм системалы түрде шөлкемлестирген. Қәнийгелер пикиринше, «Иегово гуўлары» өз тәрепдарларын қәлиплестириўде қатарға тартыўдың 80 нен

усылдан пайдаланады. Соның ишинде, олар өз үгитлеўшилериниң даўыс ырғакларында арқайынластырыў ҳәм меҳир сезимлериниң болыўына айрықша итибар береди.

Иеговошылар миссионерликти:

- өз көз-қарасларына кирттай болса да қызығыўшылық билдирген адамларды излеп табыў ҳәм кейин оларды тәлийматты қабыл етиўге таярлаў;

- үгитленип атырған адамның санасына «Библия» курслары ҳәм оның текстин үйреииў арқалы диний тәлийматты сиңдириў;

- прозелитлерди суў менен шоқындырыў;

оларды миссионерлик ҳәрекетине таярлаў сыяқлы төрт басқьшта әмелге асырады.

Иеговошылықтың өзине тән тәреплеринен және бири, онда миссионерлик ҳәрекети тәренинен ҳәр бир ағза айына 10 сааттан 150 саатқа шекем миссионерлик ҳәрекетине сарыплаўы талап етиледи. Жәмәәт ағзалары қанша көп ўақытларын миссионерликке сарыплағанларына қарап шөлкем иерархиясында көтерилип барады. Кейинги ўакытларда иеговошылықта мектеп оқыўшылары ҳәм жаслар арасында үгитлеў ислерин алып барыўы умтылыў күшейип баратырғанын атап өтиў зәрур. Мине усындай мақсетли ис-ҳәрекет етиў нәтийжееинде иеговошылардың саны жылдан жылға артып бармақта.

Мағлыўматларға қарганда, ҳәзирде иеговошылар саны дүнья бойынша шама менен 7 миллионды қурайды. Олардың бас шөлкеми тәрепинен әдебиятлар басып шығарыў, ширкеўлер ҳарекетин тәмийинлеўге сарыплайтуғын қәрежетлерден тыскары миссионерлердиң күнделикли қәрежетлерине жылына 100 миллион АҚШ долларына жақын қаржы сарыпланады. Бүгинги күнде бир қатар мәмлекетлерде секталар ҳәрекети нәтийжесинде жәбир көргенлерге материяллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў мақсетинде арнаўлы орайлардың дүзилгени, тилекке қарсы, жоқарыдағы сыяқлы ўақыялардың көбейип баратырғаны ҳәм қәўетер ен жайып, жәмийеттеги социал-руўхый орталыққа жүдә унамсыз тәсир көрсетип атырғанының өзине тән сәўлеси саналады.


Абдираззақов Жалаладдин 

Нѳкис «Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний» атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты директоры


Добавить комментарий