«МИССИОНЕРЛИК – ҲИЙЛЕКЕРЛИК» ҲӘМ ОНЫҢ УНАМСЫЗ АҚЫБЕТЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

«МИССИОНЕРЛИК – ҲИЙЛЕКЕРЛИК» ҲӘМ ОНЫҢ УНАМСЫЗ АҚЫБЕТЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА


«МИССИОНЕРЛИК – ҲИЙЛЕКЕРЛИК» ҲӘМ ОНЫҢ УНАМСЫЗ АҚЫБЕТЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

Әсирлер даўамында халқымыздың көпшилиги муқаддес Ислам динине итиқад етип, өз-ара ҳүрмет ҳәм иззетте аўызбиршиликте, тынышлық-татыўлықта жасап келмекте. Соның менен бирге, елимизде басқа динлерге де итиқад қылыўшылар бар болып, олар да өз гезегинде усы күнге дейин диний ибадат ҳәм мәресимлерин еркин түрде атқарып келмекте. Мәмлекетимизде дин еркинлиги Конституциямызда нызам менен тастыйықланған. Динлер адамларды жақсылыққа меҳир-мүриўбетке ҳәм тынышлыққа шақырады. Дин адамзатты ҳақыйқый кәмил инсан болыўына жетеклейди. Бәршеге мәлим болғанындай, Аллаҳ таала тәрепинен түсирилген динлердиң ең соңғысы кәмили ҳәм туўрысы – Ислам дини болып табылади. Ата-бабаларымыз әне, усы муқаддес Ислам динин пәк сақлап ҳәм оның көрсетпелерине әмел етип, дүнья халқын өзлериниң илимлери, әдеплери ҳәм ҳикметлери менен ҳайран қалдырған олар қалдырған илимий мийраслардан дүнья халқы усы күнге дейин пайдаланып келмекте. Ислам дини тәлиматларының тийкары болған Қураны кәрийм ҳәм ҳәдислерди оқып қалыс түрде пикир жүриткен адам, әлбетте, бул динниң ҳақ ҳәм пәк екенлигин аңлап жетеди бул динге әмел етиўшилерге ҳәўес пенен қарайды. Әне, сол себепли бүгинги күнде Ислам динине болған қызығыўылық ҳәм бул динге әмел етиўшилер саны артып бармақта. Бирақ, бул ҳақ динди жоқ етиўди адамлардың қәлбинен өширип таслаўды өз алдыларына мақсет етип, дин атынан ҳәр түрли аўыр жынаятларды ислеп динди жаўыз етип, қалақ етип көрсетиўге халқымызды бул ҳақ диннен бездирип өзлигинен айырыўға ҳәрекет етип атырғанлар да аз емес. Булар ҳәр түрли топарларға бөлинип өзлернине жүдә шырайлы атларды қойып өзлерин дин қорғаўшылары, дин пидәйылары, халық ғамхоршылары сыпатында көрсетип, дин атынан өзлериниң жаўыз идеаларын тарқатыўға ҳәрекет етпекте. Булардың ең үлкен мақсети ҳәм ўазыйпасы динди ҳәм халықты қорғаў емес, ал хорлаў, адамларды диннен бездирип өзлигинен айырып өзлерине қаратыў ҳәм бойсындырыўдан ибарат. Әне, усындай топарлардың бири миссионерлик ҳәрекети болып табылады. Демек, бизлер ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған үрп-әдетлеримизди пәк динимизди, аўызбиршилигимизди ҳәм тынышлығымызды сақлап қалыў ушын да, бул миссионерликтиң негизги мақсети не екенлигин терең аңлап жетиўимиз ҳәм олардың ҳәр қыйлы алдаўына ермеўимиз лазым.

Миссионерлик – (латынша "missio" сөзинен алынған болып, жибериў, ўазыйпа жүклеў, ал миссионер сөзи болса, ўазыйпа атқарыўшы деген мәнилерди аңлатады). Миссионерлик – бир динге итиқад етиўши халықлар арасында басқа бир динди тарқатыў, яғный бир динге исенген адамды өз дининен шығып, басқа бир динди қабыл қылыўға қаратылған ҳәрекетлерди аңлатады. Миссионерлер өз мақсетлерине ерисиў ушын ҳәр түрли усыллардан пайдаланады. Мысалы, бийпул китаплар, аудио ҳәм видео дисклер тарқатыў қаржылай көмеклесиў арқалы халық арасына кириўге ҳәрекет етеди. Ҳәр түрли ҳийлелер менен адамларды өзлерине қаратыўға умтылады. Миссионерлер халық арасында ҳәр түрли кеўилсиз жағдайларды ҳәм урыс-жәнжеллерди келтирип шығарады. Атап айтқанда, миссионерлер алдаўына ушып ата-бабасынан мийрас болған өз дининен шығып, християнлықты қабыл еткенлер қаза болған ўақытта, халық арасында жүдә үлкен машқалалар жүзеге келмекте. Мусылман ата-ана християнлықты қабыл еткен перзентин жаназа оқылмай көмилиўин, көмилгенде де мусылманлар қәбиристанына емес, ал християнлар қәбиристанына жерлениўин қәлемейди. Ал, мусылманлар өз туўысқанлары жатқан жерге дининен шыққан өзге дин ўәкилин көмиўди қәлемейди. Сөйтип, еки ортада урыс-жәнжеллер келип шығады. Және християнлықты қабыл еткен адам перзентлерин хатна қылдырыўды қәлемейди. Ал, мусылман ата-ана туўылған ақлығын мусылманшылық үрп-әдетлерине көре, хатна қылдырыўды қәлейди. Солай етип, әке менен перзент арасында келиспеўшилик келип шығады. Бундай мысалларды көплеп келтире бериўимиз мүмкин. Қысқа етип айтқанда, миссионерлердиң мақсети халықтың аўызбиршилигин ҳәм тынышлығын бузыў. Ата-ана менен перзент арасына келиспеўшилик салып қойыў, туўысқанларынан айырыў, бир-бирине қарсы қойыў халықты өзлигинен айырып өзлерине бойсындырып алыў ҳәм өз мақсетлери жолында пайдаланыў. Қәўип, бул орында, қәўип-қәтер ҳаққындағы хабарларды яки бузғыншы мағлыўматларды үгит-нәсиятлап бериў нәтийжесинде адамлар санасын өзгертиў есапланады. Нәтийжеде, инсанның өз күши ҳәм келешегине исеними пәсейеди яки пүткиллей жоғалады. Қәўип еки көринисте болады – ишки ҳәм сыртқы. Ишки қәўип жәмийет ағзаларында яки қандай да бир мәмлекет халқында өз раўажланыў жолына исенимсизликти келтирип шығарады ҳәм ала аўызлыққа алып барады.

Ишки қәўиплер менменлик, бийпәрўалық, гиябентлик, экономикалық жынаятлар, парахорлық сыяқлы басқа иллетлерди де қамтып алады.

Ал, сыртқы қәўипке шет елдеги душпанлардың үстемликке ерисиў жолындағы бузғыншылықлары, атап айтқанда, бузғыншы, терроршы ақыйдапараз күшлердиң дин нықабы астында басқа халықларды раўажланыў жолынан шетлетиўге қаратылған ҳәрекетлери мысал болады.

Ал, мәнәўий қәўип дегенде, динине, исенимине қарамастан, ҳәр бир адамның еркин инсан болып жасаўына қарсы қаратылған, оның руўхый дүньясын изден шығарыў мақсет етилген идеологиялық ҳүжимлер түсиниледи.

Мәнәўий жарлылық ийримине түсип қалыў себеплери:

- Руўхый-мораллық саламат емес тәрбия;

- Қопарыўшы ҳәм жәнжелпаз экстремистлик топарлардың жалған ўәделерине исениў;

- Дурыс, объектив хабардың жетиспеўшилиги;

- Миссионерлик көринислери (пулсыз тарқатылып атырған әдебиятлар, ғәрезли мақсетлерде берилип атырған «материаллық жәрдем» нықабы астындағы қаржылар, «қәўендерлер» көмеги);

- Айырым жаслардың пул табыў нийетинде шет елге шығып, жаман топарларға алданып қалыўы;

- Материаллық мәпти гөзлеў, яғный пулға, кийимге, шет ел буйымларына өш болыў;

- Интернетте терроршылықты, жаўызлықты, диний мутаассибликти (фанатизмди), уятсызлықты үгит-нәсиятлаўшы материаллардың жәрияланыўы;

- Гейде ҳәр қыйлы илажлардың үстиртин өкерилиўи, нәтийжесизлиги, хожакөрсин иске айланып, кери нәтийже бериўи ҳәм тағы басқалар…

Хабар ҳүжимлери – бул шахсқа, белгили бир шөлкем ҳәм мәмлекетке қарсы бағдарланған ҳәрекет, тәсир есапланады. Оның негизги мақсети сол шахс, шөлкем ҳәм мәмлекеттиң тыныш турмыс тәризин бузыўдан ибарат. Хабар ҳүжимлери көбинесе сиясий ҳәм социаллық топарлардың ғәрезли бузғыншылық нийетлеринен келип шығады.

Соңғы ўақытлары интернет тармақларында ҳәр қыйлы тийкарсыз хабарлар, адамлар санасына унамсыз тәсир көрсететуғын жалған мағлыўматлардың жүдә көп тарқатылып атырғанлығы сонша, олардың тәсиринде адамлардың бир-бирине гейде агрессив ис-ҳәрекетлерди әмелге асырыўы, жәнжеллер ҳәўиж алыўы бақланбақта.

Жаңа технология қураллары арқалы әмелге асырылып атырған хабар ҳүжимлериниң өзине тәнлиги сонда, интернет тармағында пүткил дүньяға тез жеткерилетуғын мағлыўматлардың анық мәнзилин ҳәм дерегин билиў жүдә мүшкил болады. Бундай жынаятшылар топары әдетте ири коммуникация тармақларында қопарыўшылық пенен шуғылланып, банк ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў мекемелери тармақларындағы хабар системасын бузыўға ҳәрекет етеди. Себеби, бул ислердиң тийкарында мудамы бузғыншылық мақсети болып, ол ири пул қаржыларына ийе болыў менен байланыслы.

Бахрамаддин Разов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы

Добавить комментарий