Ҳудайбия келисими


Ҳудайбия келисими


Ҳижраттың алтыншы жылында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам умраға барыўды нийет қылады. Бул хабар мусылманлар ушын, әсиресе алты жылдан бери мүсәпирликте, ўатанын сағынып жүрген муҳажирлер ушын үлкен хошхабар еди. Пайғамбарымыз бир мың төрт жүз мусылман менен бирге умраны орынлаў ушын Мәкка сапарына жол алды ҳәм Мәккаға жақын болған Ҳудайбия ойпатлығына келип тоқтады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Усман разыяллаҳу анҳуды шақырып, Әбиў Суфян ҳәм Қурайштың басқа баслықларына барып, урыс ушын келмегенин, ал Байтуллаҳты ҳүрметлеп, оны зыярат қылыў ушын келгенлиги ҳаққында хабарын жеткизиўди тапсырады.
Усман разыяллаҳу анҳу Мәккаға Абан ибн Саъид қорғаўы астында кирип, Әбиў Суфян ҳәм Қурайшлардың басқа баслықларына Пайғамбармыздың (с.а.ў.) хабарын жеткизеди. Мүшриклер: 
«Муҳаммадтың Мәккаға кириўине жол қоймаймыз, егер Байтуллаҳты таўап қылмақшы болсаң, қылып ал», — деди. Ҳәзирет Усман:
«Расулуллаҳ таўап қылмай турып, мен ҳеш қашан таўап қылмайман», — деди. Гәпи жерде қалғанына ашыўланған Қурайшлар Усман разыяллаҳу анҳуды иркип қойды. Пайғамбарымызға ҳәм мусылманларға «Усман өлтирилипти», — деген гәп жетип барды. 
Буннан қатты қайғыға түскен Расулуллаҳ, Усман разыяллаҳу анҳудың өшин алмастан, қайтпаўға ант ишти.
Мусылманлар азшылық болса да ҳәр қандай душпан менен Аллаҳ ҳәм оның Расули ушын урыс қылыўға таяр екенин айтып бир терек астында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ант ишти. Тарийхта бул «Байъатур ризўан» (Разылық анты) деп аталады.
Кейин ала Хәзирети Усманның өлтирилгени бийкар гәп екенлиги ҳаққында хабар келди.
Соң Қурайшлар Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына Суҳайл ибн Амрди жиберер екен, оған:
«Сен барып, Муҳаммад пенен питим дүз. Питимде бул жылы бизлердиң үстимизге (Мәккаға) кирмей кетиўи, әлбетте жазылған болсын, және араблар „Бизлердиң үстимизге күш ислетип кирди“, деп айтпасын», — деди.
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Суҳайл ибн Амрдиң киятырғанын көргенде:
«Аллаҳ ислеримизди жеңиллестиргенге уқсайды», — деди («Суҳайл» сөзлик бойынша «аңсат», «жеңил» деген мәнини аңлатады). 
Және:
«Бул адамды жибериўине қарағанда питим дүзбекши мениңше», — деди. 
Суҳайл Расул Акрамның алдына келип, узақ сөйлести, тартысыўлар болды ҳәм ақыры питим дүзилди.
Питимди жазыўға Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әлий ибн Әбиў Талибти шақырды ҳәм:
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳим», деп жаз«, — деди. Суҳайл:
»Мен бундай гәпти билмеймен, «Бисмикаллааҳумма», деп жаз«, — деди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: 
»Бисмикаллаҳумма« деп жаз», — деди.
Ҳәзирети Әлий жазды. Соң Пайғамбарымыз:
«Жаз „Бул Аллаҳтың Расули Муҳаммад ҳәм Суҳайл ибн Амр дүзген питим…“ Сол ўақытта Суҳайл:
»Егер сени Аллаҳтың Расули деп шәҳәдат бергенимде, сениң менен урыспаған болар едим. Соның ушын атыңды ҳәм атаңның атын жаздыр«, — деди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: 
»Жаз: «Бул Муҳаммад ибн Абдуллаҳ ҳәм Суҳайл ибн Амр дүзген…» — деди. Сондай қылып төмендеги шәртлерге келисти:
1. Он жылға шекем урыс болмайды. Еки тәреп бир-бирине жаманлық қылмайды.
2. Қурайшлардан ким болса да Муҳаммадтың алдына келсе, қайтарып береди.
3. Муҳаммадтың алдынан ким болса да Қурайшқа келсе, қайтарып берилмейди.
4. Ким Муҳаммад пенен шәртнама дүзип, шерик болса, бола берсин.
5. Ким Қурайш пенен шәртнама дүзип, шерик болса, бола берсин.
6. Муҳаммад ҳәм саҳабалары бул жылы Мәккаға кирмей қайтып кетеди.
7. Келеси жылы келип, қылышларын қынына салынған ҳалда киреди ҳәм үш күн болады. Бул ўақыт арасында Мүшриклер Мәккадан шығып турады.
«Ҳудайбия» питиминиң дүзилиўи Пайғамбарымыздың (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) узақты көзлеп, ис жүриткенине ишара еди. Бул шәртнама келешекте мусылманлардың пайдасына иследи. Буған шекем мусылманлар қай жерде болса урысқа жолығатуғын еди. Питим дүзилип, урыс тоқтағаннан кейин, адамлар емин-еркин тыныш-татыўлықта жасады. Мусылман ҳәм мусылман емес адамлар да бир-бири менен ушырасып, сәўбетлесип отырып, диний мәселелерди ортаға таслап, тартысатуғын болды. Азғана ақылы бар адам бундай сәўбетлерден кейин Исламды қабыл ете баслады.
Ҳудайбиядан кейин басқа қәўим ҳәм елатлар да мусылманларға ҳүрмет нәзери менен қарайтуғын болды. Алдын мусылманларға қосылмаған арабийлер де кеширим сорап, Мадинаға келе баслады. Мусылманлардың жерлери кеңейип, саны артып, Мадинаға түрли мәмлекетлерден ўәкиллер келди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да түрли мәмлекетлер, қоңсы ҳүкиметлер ҳәм араб бекликлерине елшилер жиберип, мусылманшылықты тарқатыў да ғайрат көрсетти.

«Муҳаммад алайҳиссалам. Қысқаша өмир тарийхы» китабынан

Добавить комментарий