РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ПЕРЗЕНТЛЕРИ


РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ПЕРЗЕНТЛЕРИ




1. Қасым.

Анасы: Хадижа бинти Хуўайлид разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: пайғамбарлыққа шекем (ҳижратқа шекемги шама менен 2625-жыллар/мил. 598599-жыллар арасында. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам 2728 жасларында).

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Әлемнен өткен жылы: пайғамбарлыққа шекем (ҳижратқа шекемги шама менен 2524-жыллар/мил. 599600-жыллар арасында).

Өмири: 17 ай.

Әлемнен өткен жери: Мәккәи Мукаррама.


2. Зайнаб разыяллаҳу анҳа.

Кунясы: Умму Әлий.

Анасы: Хадижа бинти Хуўайлид разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: ҳижратқа шекемги 23-жыл/мил. 600-жыл апрель – 601-жыл март арасы (Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам 30 жасларында).

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Ийман келтирген жылы: анасы Хадижа разыяллаҳу анҳадан кейин.

Өмирлик жолдасы: дайысының улы Абул Ас ибн Рабиъ Абшамий разыяллаҳу анҳу (ибн Абдулъуззо ибн Абдушшамс ибн Абдуманаф). Ол Зайнаб разыяллаҳу анҳаның дайы апасы Ҳола бинти Хуўайлидтиң улы болып, ол байлық, саўда ҳәм аманат бойынша Мәккәның санаўлы адамларынан бири болған. Абул Ас разыяллаҳу анҳу Мәккә фатҳынан бир жыл алдын мусылман болғанын жәриялаған ҳәм Әбиў Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудың халифалық дәўиринде, ҳижрий 12-жылы зулҳижжа айы/мил. 634 жыл февральда қайтыс болған.

Турмыс қурған жылы: ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың төртинши жылы/мил. 612-жыл ноябрь  613-жыл октябрь арасы.

Турмысқа шыққан жери: Мәккәи Мукаррама.

Мәҳри: 400 яки 500 дирҳам.

Перзентлери: 1) Әлий; 2) Умама разыяллаҳу анҳа.

Мадинаға ҳижрат қылған жылы: ҳижрий екинши жыл, Үлкен Бадр саўашынан кейин.

Қайтыс болған жылы: ҳижрий сегизинши жыл/мил. 629-жыл май – 630-жыл апрель арасы.

Қайтыс болған жери: Мадинаи Мунаўўара.

Жаназасын оқыған: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.

Қәбири: Мадинаи Мунаўўара, Бақийъ қәбирстанында.

Өмири: 31 жас.


3. Руқайя разыяллаҳу анҳа.

Кунясы: Умму Абдуллаҳ.

Анасы: Хадижа бинти Хуўайлид разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: ҳижратқа шекемги 20-жыл/мил. 603-жыл февраль – 604- жыл январь арасы (Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам 33 жасларында).

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Ийман келтирген жылы: анасы Хадижа разыяллаҳу анҳадан кейин.

Атастырылған: Утба ибн Әбиў Ләҳәб разыяллаҳу анҳу (бирақ шаңарақ қурмаған. Утба ҳижрий сегизинши жыл, 17-рамазан/мил. 630-жыл жетинши январьда, Мәккә фатҳ қылынған күни мусылман болады).

Өмирлик жолдасы: ҳәзрети Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳу (Ҳабашстанға да, Мадинаға да бирге ҳижрат қылған).

Турмысқа шыққан жылы: ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың төртинши жылы/мил. 612-жыл ноябрь – 613-жыл октябрь арасы.

Турмысқа шыққан жери: Мәккәи Мукаррама.

Мәҳри: 400 яки 500 дирҳам.

Перзенти: Абдуллаҳ ибн Усман.

Мадинаға ҳижрат қылған жылы: ҳижрий биринши жыл.

Қайтыс болған жылы: ҳижрий екинши жыл (Үлкен Бадр саўашы тамамланғанда).

Қайтыс болған жери: Мадинаи Мунаўўара.

Қайтыс болыў себеби: қызылша кеселлиги.

Жаназасын оқыған: ҳәзрети Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳу (сол ўақытта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Үлкен Бадр саўашында еди).

Қәбири:  Мадинаи Мунаўўара, Бақийъ қәбирстанында.

Өмири: 22 жас.


4. Умму Кулсум разыяллаҳу анҳа.

Анасы:  Хадижа бинти Хуўайлид  разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: ҳижратқа шекемги 19-жыл/мил. 604-жыл февраль – 605-жыл январь арасы.

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Ийман келтирген жылы: анасы Хадижа разыяллаҳу анҳадан кейин.

Атастырылған: Утайба ибн Әбиў Ләҳәб (бирақ шаңарақ қурмаған. Утайба мушрик ҳалында өлип кеткен).

Өмирлик жолдасы: ҳәзрети Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳу (Руқайя разыяллаҳу анҳадан кейин ўаҳий тийкарында үйленеди ҳәм «Зуннурайн» (еки нур ийеси) деген лақапқа ийе болады).

Турмысқа шыққан жылы: ҳижрий үшинши жыл, рабиъул әўўәл айы/мил. 624-жыл август-сентябрь (жумадул әўўәл айында бир дастыққа бас қойысады).

Турмысқа шыққан жери: Мадинаи Мунаўўара.

Мәҳри: 400 яки 500 дирҳам.

Перзенти: жоқ.

Мадинаға ҳижрат қылған жылы: ҳижрий биринши жыл.

Қайтыс болған жылы: ҳижрий тоғызыншы жыл, шаъбан айы/мил. 630- жыл ноябрь-декабрь.

Қайтыс болған жери: Мадинаи Мунаўўара.

Жаназасын оқыған: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.

Қәбири:  Мадинаи Мунаўўара, Бақийъ қәбирстаны.

Өмири: 28 жас.


5. Фатима разыяллаҳу анҳа.

Кунясы: Уммул Ҳасан.

Сыпаты: заҳро.

Анасы: Хадижа бинти Хуўайлид разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: ҳижратқа шекемги 18-жыл/мил. 605-жыл февраль – 606-жыл январь арасы (Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам отыз бес жасларында, Кааба бузылып, қайта қурылған жылы).

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Турмысқа шыққан жылы: ҳижрий екинши жыл/мил. 623-жыл июль  624-жыл июнь арасы.

Турмысқа шыққан жери: Мадинаи Мунаўўара.

Өмирлик жолдасы: ҳәзрети Әлйи ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу.

Мәҳри: 400 яки 480 дирҳам.

Перзентлери: Ҳасан, Ҳусайн, Умму Кулсум, Муҳассин ҳәм Зайнаб разыяллаҳу анҳум.

Қайтыс болған жылы: ҳижрий 11-жыл, үшинши рамазан/мил. 632-жыл  21-ноябрь.

Қайтыс болған жери: Мадинаи Мунаўўара.

Жаназасын оқыған: ҳәзрети Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу.

Қәбири:  Мадинаи Мунаўўара, Бақийъ қәбирстанында.

Өмири: 29 жас.


6. Абдуллаҳ.

Лақаплары: Тоййиб ҳәм Таҳир (мағаналары – жағымлы, таза, пәкизе. Ислам келгеннен кейин туўылғаны ушын).

Анасы: Хадижа бинти Хуўайлид разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы:пайғамбарлықтың дәслепки жыллары.

Туўылған жери: Мәккәи Мукаррама.

Қайтыс болған жылы:пайғамбарлықтың дәслепки жыллары.

Қайтыс болған жери: Мәккәи Мукаррама.

Қәбири: Мәккәи Мукаррама, Ҳожун қәбирстанында.

Өмири: бир жасқа жақын.


7. Ибраҳим.

Анасы: Мария Қибтийя разыяллаҳу анҳа.

Туўылған жылы: ҳижрий сегизинши жыл, зулҳижжа айы/мил. 630-жыл, март-апрель.

Туўылған жери: Мадинаи Мунаўўараның Олия (ҳәзир Аўалий) атлы шығыс аймағы.

Қайтыс болған жылы: ҳижрий 10-жыл, жумодуссоний/мил. 631-жыл сентябрь.

Қайтыс болған жери: Мадинаи Мунаўўара.

Жаназасын оқыған: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.

Қәбири: Мадинаи Мунаўўара, Бақийъ қәбирстанында (Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның емшеклес ағайини Усман ибн Мазъун разыяллаҳу анҳудың қәбири жанына қойылған).

Өмири: 18 ай.



“РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҲӘМ ӘҲЛИ БАЙТ” китабынан


Добавить комментарий
Жаңалықлар лентасы
Көп оқылған мақалалар