02 апр 12:43Бөлимлер / Қуран

Қураны кәриймде ҳәриплер, сөзлер ҳәм санлардың байланысы


Қураны кәриймде ҳәриплер, сөзлер ҳәм санлардың байланысы





Қураны кәрийм он төрт әсирден бери инсанларды әжеплендирип келмекте. Илаҳийлигине исенбегенлердиң гүманларын тарқатыў ушын Қуранның алдын мәлим болмаған жаңалықлары ашылмақта.


20-әсирдиң 70-80 жылларында ҳәзирги заман компьютер технологиялары жәрдеминде өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде алымлар Қураны кәрийм ҳәриплери, сөзлери арасында өз-ара байланыс бар екенлигин анықлады.


Қураны кәрийимде «дүнья», «ақырет» сөзлери елиўден артық аятта бирдей 115 мәрте тәкирарланған. Дүнья қанша болса, ақырет те сонша.


«Шайтан», «периште», олардан жасалған сөзлер де Қуранда бирдей 68-мәрте тәкирарланған.


Қураны кәриймде «өлим» сөзи, оннан жасалған кәлиймалар 145-мәрте. «Өмир», оннан пайда болған сөзлер де 115 мәрте тәкирарланған. Яғный қанша өмир болса сонша өлим.


Қуранда «дин» сөзи 92-мәрте, «мешит» сөзи де 92-мәрте келтирилген.


Қуранда «ийман» сөзи 811-мәрте келтирилген. Сондай-ақ, «илим» сөзи 782 мәрте, «мәрифат» сөзи 29 мәрте тәкирарланған. Яғный (782+29=811), илим ҳәм мәрифат қанша болса, ийманда соған тең.


Қадр сүресинде 30 сөз бар. Қадр кешесин өз ишине алған рамазан айында да 30 күн бар. Қадр кешеси рамазан айының 27-түнине туўры келетуғыны көп жерде келтирилген. Әжепленетуғынымыз, усы сүреде қадр кешесин көрсетиўши «ол» - 27 сөз.


Ар-Роҳман сүресиниң 31-аятынан баслап, дозақ ҳәм гүнәкарлар ҳаққында келеди. Усы сүреде: «Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!» деген кәлима бир неше мәрте тәкирарланады. Дозақ туўралы айтылғанда, 7-мәрте келеди, 46-аятынан баслап жәннет туўралы айтылғанда 8-мәрте келеди. Дозақтың дәрўазалары-7, жәннеттики-8 екенлиги ҳәдийслерден белгили.


«Бахытсызлық» (аш-шидда), оннан ҳасыл болған сөзлер Қуранда 102 мәрте тилге алынған. «Сабыр», оннан ҳасыл болған сөзлер де 102 мәрте тәкирарланған. Демек басқа қаншелли қыйыншылық түссе, соншелли сабыр етиў керек.


«Жаза» сөзи 117-мәрте келтирилген, ал «мағфират» сөзи оннан 2-есе көп-234 мәрте тәкирарланған.


«Қуран» сөзи 80 мәрте келген, Қуранның түсиўи мәнисиндеги «ўаҳий» сөзи де 80-мәрте келген.


Қураны кәриймде «расул»(елши) мәнисиндеги сөзлер 368 мәрте, «нәбий» сөзи 75-мәрте, «башир»(хош хабар бериўши)-18-мәрте, «назир»(ескертиўши) болса-57 мәрте тәкирарланған. Ҳәммеси-518 мәрте. Енди ийманлыларға хош хабар келтириўши, қәўиптен ескертиўши пайғамбарлардың атларын санап көрсек: Муўса-136, Ибраҳим-69, Нуҳ-43, Юсуф-27, Лут-27, Ийса-25, Адам-25, Ҳорун-20, Исҳақ-17, Сулайман-17, Яъқуб-16, Даўыт-16, Исмайыл-12, Шуайб-11, Салиҳ-9, Ҳуд-7, Закария-7, Яҳья-5, Муҳаммад (Аҳмад)-5, Айюб-4, Юнус-4, Ал-Ясаъ-2, Ильяс-2, Идрис-2, Зулкифл-2, Илясин-1мәрте, ҳәммеси 518 ди қурайды!


Және бир мөжиза, Қураны кәриймде «шаҳр»(ай) сөзи 12 мәрте, «яўм»(күн) сөзи 365 мәрте, «айям»(күнлер) ҳәмде «яўман»(еки күн) 30 мәрте келтирилген. Яғный, бир айдың күнлерине тең муғдарда зикир етилген. Бундай теңбе-теңлик тосынан болыўы мүмкин бе?! 

«Қуран – қәлблер шыпасы» китабынан


Добавить комментарий