02 июн 10:22Мақалалар

АТА-АНАНЫҢ ЯР-ДОСЛАРЫМЕНЕН ЖАҚСЫ МҮНӘСИБЕТТЕ БОЛЫЎ


АТА-АНАНЫҢ  ЯР-ДОСЛАРЫ МЕНЕН ЖАҚСЫ

  МҮНӘСИБЕТТЕ  БОЛЫЎ




Бурынғы бөлимде келген ҳәдистен мәлим болғанындай, ата-ана менен жақсы мүнәсибетте болыў қаншелли саўап болса, олардың жақынлары, дослары менен жақсы мүнәсибетте болыў да соншелли пазыйлетли ҳәм берекетли әмел. 

Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жақсылықтың ең жақсысы – адам әкесиниң яр-досларына силаи раҳм қылыўы» деди».(Имам Аҳмад рәўияты).

Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудың шәкирти Абдуллаҳ ибн Динар рәўият қылыўынша, бир сапары Ибн Умар разыяллаҳу анҳу Мәккаи Мукаррамаға жолға шығып, өзи менен бир түйе ҳәм бир ешек алып шығады. Түйени миниўден шаршағанында, ешекке минип алар еди. Жолда оларға бир дийхан ушырасып қалады. Бул ўақыяны имам Муслим раҳматуллаҳи алайҳ өзиниң «Саҳиҳ»леринде төмендегише нақыл қылады:

Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Мәккә жолында аъробийлерден бир адам оған жолықты. Абдуллаҳ сәлем берип, ешекке отырғызды ҳәм басындағы сәллесин оған берди. Ибн Динар былай деди: «Биз ол кисиге: «Аллаҳ қайырыңызды берсин! Бул аъробийлер аз нәрсеге де разы болады ғой» дедик. Абдуллаҳ ибн Умар: «Буның әкеси Умар ибн Хаттобтың досты болған. Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан: «Жақсылықтың ең жақсысы – адам әкесиниң яр-досларына силаи раҳм қылыўы» деп айтқанын еситкенмен» деди». (Имам Муслим рәўияты).

Жуўмақлап айтқанда, намаи әмелдеги саўап пәллесин аўырластырыўдың ең жақсы жолларынан бири бул – ата-ананың яр-дослары менен барды-келди қылыў ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў.


«Жеңил әмеллер» китабынан


Добавить комментарий