03 июн 16:43Мақалалар

ЕРЛИ - ЗАЙЫП ӨЗ - АРАЖАҚСЫ МҮНӘСИБЕТТЕ БОЛЫЎЫ


ЕРЛИ - ЗАЙЫП  ӨЗ - АРАЖАҚСЫ МҮНӘСИБЕТТЕ  БОЛЫЎЫ





Ерли-зайып өз-ара жумсақ мүнәсибетте болыўы ҳәм буны зәрүрлик сыпатында қабыл етиўи, бири-бирине ашық жүз бенен қараўы, кеўилсиз гәп-сөзлерге сабыр етиўи үлкен саўаплы әмеллерден саналады.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мөминлердиң ийманы кәмилреги –минези жақсы болғаны. Сизлердиң ең жақсыларыңыз - ҳаялларыңызға жақсылық қылатуғынларыңыз», деди».(Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият қылған).

Амир ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Әкем былай деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хошласыў ҳажында мени көриўге келди. Наўқасым аўырласып, өлим жағасына келип қалған едим. «Ҳәй, Аллаҳтың Расули, дәрт мени өзиңиз көрип турған аўҳалға алып келди. Мен дәўлетли адамман. Бир ғана қызымнан басқа мийрасхорым жоқ. Мал-мүлкимниң үштен екисин садақа қылайын ба?», дедим. «Жоқ», деди. «Болмаса ярымын ше?», дедим… (Ақырында) ол былай деди:

«…Аллаҳтың разылығын тилеп қандай напақа қылсаң да, буның ушын саған саўап бериледи, ҳәтте ҳаялыңның аўзына салған луқмаң ушын да», деди». (Имам Бухарий рәўияты).

Ҳәдиси шарийфте келиўинше, ерли-зайыптың өз-ара жынысый қатнасына да саўап бериледи.

Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлерден бириңиздиң (аҳли ҳаялы менен) жынысый қатнасық қылыўыңыз да садақа», деди. Сонда саҳабалар: «Ҳәй, Аллаҳтың Расули! Бизлерден биримиздиң шаҳўатын қандырыўында да саўап бола ма?», деди. Сонда ол: «Оны ҳарамға төккенде (шаҳўатын зина қылып қандырғанда), гүна болар ма еди?! Солай екен, оны (шаҳўатты) ҳадалға төксе (некедеги ҳаялы менен жақынлық қылса) де оған саўап болады», деди». (Муснаду Әбиў Аўана).

Басқа бир ҳәдисте, ери үйине келип, ҳаялына муҳаббат нәзери менен қараса, ҳаялы да муҳаббат пенен ерине бақса,  Аллаҳ екеўине рейим нәзерин салады. Себеби, ерли-зайып ҳәрдайым бирге болып, узақ мүддет өмир кеширеди. Сол себепли базыда бири екиншисине кеўилсиз гәплерди айтып қойыўы тәбийий ҳал. Лекин, бири-бирине қабақ үйисип, урыс-жәнжел шығарып, бири екиншисиниң кеўлине тийиўи нәтийжесинде, ери де, ҳаялы да бул дүнья қуўанышларынан маҳрум болады. Бул да азлық еткендей, ерли-зайыптың жақсы мүнәсибетине берилетуғын саўап та зая кетеди. Сонлықтан, Аллаҳ таала ҳәм Оның Расули бундай жағдайлар ушын бийбаҳа бағдарламаларды усынған. Мәселениң шешими соннан ибарат, ерли-зайып бири-бирине айтқан мақул болмас гәплери ушын қабақ үйиспестен, жақсы нәрселер туўралы ойласын, сонда айтылған кеўилсиз гәплерден қапашылық кемейеди. Өйткени Аллаҳ таала былай деген:

«Егер оларды жаман көрсеңиз, онда (билип қойың) бәлким, Аллаҳ сизлер жаман көрген нәрседе (сизлер ушын) көп жақсылықларды қылып қойыўы мүмкин».(«Ниса», 19-аят).

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Мөмин еркек мөмин ҳаялға ғәзеп қылмасын, егер оның бир минезин жақтырмаса, басқасын жақтырар», деди».(Имам Муслим рәўияты).

Егер ерли-зайып усы қағыйдаға әмел қылып, өз-ара муҳаббат пенен турмыс кеширсе ҳәм бири-бирине жақсы мүнәсибетте болыўға ҳәрекет етсе, олардың жуплығындағы өмири қуўанышларға толы болады ҳәм қылған жақсы мүнәсибетлери себепли өмири даўамында намаи әмеллерине саўап қосылып бара береди.


«Жеңил әмеллер» китабынан


Добавить комментарий