15 окт 10:46Мақалалар

АТА-АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРЫН ЯДДА ТУТЫЎ


АТА-АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРЫН ЯДДА ТУТЫЎ

Ҳафиз ибн Абдул Барр раҳматуллаҳи алайҳ мәликий фиқҳи ҳаққында жазған “Кәфий” китабының ақырында төмендегилерди айтады : “Ата-анаға жақсылық қылыў парыз болып, бул ис Аллаҳ таала жеңил қылып қойған инсанға аңсат болады. Буған - оларға жақсылық қылыўы, меҳрибанлық көрсетиўи, әлпайым сөйлеўи, мийирим-шәпәәт ҳәм ҳүрмет көзи менен бағыўы, алдында даўысты бәлент етпеўи (егер еситиўи ушын болса, буннан тысқары ), мал-мүлкин аяқларының астына төсеўи ҳәм де тағамланыўында ҳеш қыйналмаўы сыяқлы ислер киреди”.

Перзент әкесиниң алдында жүрмеўи ҳәм қандайда бир мәжилисте одан алдын сөйлемеўи керек болады. Себеби әке перзенттен көре бул ислерге ҳақылылаў есапланады. Соның менен бирге, бар мүмкиншилиги менен олардың ғәзеплеринен сақланыўы ҳәм қолынан келгенинше оларды қуўантыўы зәрүр болады.

Ата-ананың қәлбине қәуўаныш үлесиў ең саўаплы ислерден болып табылады. Олар перзентин шақырғанда, егер ол нәпил намаз оқып атырған болса, ибадатын қысқа қылып тамамлап, тезде жуўап бериўи ҳәм де мудамы сыпайы болыўы лазым болады.

Ата-ана болса перзенти қылып атырған жақсы ислерде көмек бериўи ҳәм оған меҳрибан болыўы керек. Бенделер Аллаҳ тааланың таатын ҳәм парызларын орынлаўға тек ғана Оның жәрдеми менен жетиседи.

Түсиндирме: Инсанның дүньяға келиўи ҳәм оның ержетиўи үлкен мөжиза болып есапланады. Бирақ бул басқышлардағы қыйыншылықларды көтериў ўазыйпасы, бәринен бурын, ата-ананың мойнына жүклетиледи. Ата-ана перзентли болғаннан кейин тынбай мийнет етеди, ҳадал кәсип пенен ырысқы таўып, баласына жедиреди, оның тәрбиясы ҳәм илим алыўы ҳәм өспирим жасқа жетип өзин еплейтуғын болғанша ғамхорлық көрсетеди. Түнди түн, күндизди күндиз деместен, бар мүмкиншилигин иске салып, пүткил барлығын перзенти ушын бағышлайды. Ул-қызының кәмалы жолында бул қыйыншылықлардың ҳәммеси оның көзине арзымас сыяқлы көринеди. Бир сөз бенен айтқанда, ата-ана өз перзенти ушын пүткил өмирин бағышлайды. Сол себепли де Аллаҳ таала Кәламы шәрийфте Өзине ибадат қылыўдан кейин ата-анаға жақсылық қылыўға буйырады. Исро сүресинде былай делинеди:

«Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан!) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф!..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт! Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл!» – деп айт» (23-24 аятлар).
Бул аяты кәриймаға көре инсан өз ата-анасына ақылын таный баслаған ўақыттан баслап гөззал мунәсибет көрсетиўи ҳәм олардың қәлблерине азар жеткизип қойыўдан узақ болыўы дәркар. Себеби аяты кәриймада ата-анаға “уф” деп болмаўының ашықшасына баян етилиўи, өз-өзинен оларды азғана болсада ренжитетуғын қандайда бир нәрсениң мүмкин емеслигин аңлатады.


Ислам дининиң бул көрсетпесине толық әмел қылған саҳабаи кирәмлар өзлери ушын көплеген пайдаларды қолға киргизген. Ҳәтте, айырым саҳабаи кирәмлар ата-аналарына көрсеткен ҳүрметлери ушын тирилигинде-ақ Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ақыретте оларға сыйлық таярлап қойылғаны ҳаққындағы хошхабарларды алған. Ҳәдисте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Түс көрдим. Жәннетте екенмен. Сонда, тосаттан Қуран тиләўат қылып атырған кисини еситтим. Ол ким, деп сорасам, Ҳариса ибн Нуъман деп, жуўап берилди. Жақсылықтың сыйлығы сондай, жақсылықтың сыйлығы сондай деди”.


"Мусылманның 35 әдеби" китабынан.


Добавить комментарий