Ибилис шайтанның Яҳья алайҳиссалам менен жолығыўы


Ибилис шайтанның Яҳья алайҳиссалам менен жолығыўы


   Ўаҳб ибн Мунаббаҳ раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылынады: «Шайтан Яҳья ибн Закария алайҳиссаламға жолығыпты. Яҳья ибн Закария оған: «Маған адам перзентлериниң тәбиятын қалай билиўиң ҳаққында хабар бер», - деди. Ибилис айтты: «Олардан бир топары бар, гүналардан пәк, саған уқсайды. Оларға ҳеш нәрсе қыла алмаймыз. Бирақ екинши топары балаларыңыздың қолларындағы топ сыяқлы бизиң қолымызда. Оларға биз жеткиликлимиз. Бирақ үшинши топарына келсек, олар бизлер ушын ең жаман топар, оларға биреўимиз ушыраймыз-да , керекли нәрсемизди аламыз, соң ол истиғфарға асығады ҳәм биз алған нәрсени бузады. Оннан үмитсиз де болмаймыз, қәжетимизге де ерисе алмаймыз».

                       Әбиў Ләйс Самарқандийдиң «Танбиҳул ғофилийн» китабынан

Добавить комментарий